Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде кәсиплик аўқамлары ҳәрекети ағзаларына өзиниң жоқары ҳүрмети ҳәм жақсы тилеклерин билдирди, ҳәр бир кәрхана ҳәм шөлкемге исшеңлик орталығын, мийнет жәмәәтлерине хошамет ҳәм әдиллик руўхын алып кирип атырғаны ушын миннетдаршылық билдирди.

- Биз бүгин Жаңа Өзбекстанды қурыў жолында үлкен шеклерге умтылып, исенимли қәдем таслап атырмыз. Дүньяда геосиясий ҳәм экономикалық кескинлик ҳәўиж алып атырған ҳәзирги қыйын дәўирде елимизде тынышлықты беккемлеп, көп миллетли халқымыздың турмысын және де жақсылаўға беккем бел байлағанбыз. Бул бағдарда мийнеткеш ҳәм кеңпейил халқымыз, ҳәр бир ўатанласымыздың орны, қосып атырған үлеси шексиз, - деди Президент.

Сегиз жылда экономикамызға 130 миллиард доллар инвестиция кирип келгени, мыңлаған жаңа қуўатлықлар иске қосылып, миллионлаған турақлы жумыс орны жаратылғаны атап өтилди. Жеке меншик секторға кеңнен жол ашылып, адамларға мүнәсип мийнет шараяты жаратып берилгени себепли жан басына дәрамат 3,5 мың долларға жетти.

Соның менен бирге, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў, мийнетти қорғаў, кепилленген социаллық қорғаўды тәмийинлеў бойынша беккем нызамлы тийкарлар жаратылғаны атап өтилди. Жаңа редакциядағы Конституция, Мийнет кодекси, "Халықтың бәнтлиги ҳаққында"ғы ҳәм "Кәсиплик аўқамлары ҳаққында"ғы нызамлардың қабыл етилиўи бул тараўда әҳмийетли қәдем болды.

Өзбекстан Халықаралық мийнет шөлкеминиң стандартларын қабыл етип атырған ең белсенди мәмлекетлер қатарынан орын алды. Сегиз жыл алдын бул шөлкемниң Өзбекстан тәрепинен ратификацияланған ҳүжжетлериниң саны 12 болған болса, ҳәзирги күнде 25 ке жетти.

- Балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнетти толық сапластырыў узақ жыллар биз ушын ең аўыр мәселе болып келген еди. Тек ғана күшли ерк-ықрар, қатаң позициямыз арқалы биз бул қыйын машқаланы унамлы шештик, - деди Президент.

Өзбекстанның балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнетти сапластырыў бойынша алдынғы тәжирийбеси Халықаралық мийнет шөлкеми тәрепинен үлги сыпатында басқа мәмлекетлерге усыныс етилгени де соннан дәрек береди.

Мәмлекетимиз санаўлы мәмлекетлер қатарында Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң "Әдил өтиў процесслери ушын жумыс орынларын жаратыў ҳәм социаллық қорғаў бойынша глобал акселератор" басламасында қатнаспақта, Халықаралық мийнет шөлкеминиң "Социаллық әдиллик бойынша глобал коалициясы"нда қатнаспақта, мәмлекетимиз өткен жылы усы шөлкемниң Ҳәкимшилик Кеңеси ағзалығына сайланды.

Бул нәтийжелерде 8 миллионға шамалас ағзаға ийе, ең халықшыл ҳәм ири мәмлекетлик емес шөлкем болған кәсиплик аўқамларының мүнәсип үлеси бар екенлиги атап өтилди.

- Биз Өзбекстанда кәсиплик аўқамларының еркин ҳәм еркин жумыс алып барыўы ушын барлық шараятларды жаратып бердик ҳәм мине усы принциплерге ҳәмийше садықпыз. Буннан былай да кәсиплик аўқамларына бирлесиў ҳуқықын тәмийинлеў, олардың жумысына араласпаў бойынша сиясатты қатаң даўам еттиремиз, - деди Президент.

Кәсиплик аўқамларының кәрхана ҳәм шөлкемлерде мийнетке байланыслы ҳуқықларды қорғаўдағы жанкүйерлиги айрықша атап өтилди.

Кейинги жыллары 500 мыңға шамалас хызметкердиң нызамлы ҳуқықлары қорғалып, олардың пайдасына 267 миллиард сум өндирип берилди. Жумыстағы бахытсыз ҳәдийселер себепли жәбирленген 1 мың хызметкерге 35 миллиард сум компенсация пулы төлеп берилген. Наҳақтан босатылған 13 мың хызметкер жумысқа тикленген.

Кәсиплик аўқамларының халықаралық көлемдеги орны ҳәм абырайы артып бармақта. Федерацияның басламасы менен 2021-жылы Ташкент қаласында Орайлық Азия мәмлекетлери кәсиплик аўқамлары кеңеси дүзилди. 2023-жылы Самарқанд қаласында Түркий мәмлекетлер кәсиплик аўқамлары шөлкемине тийкар салынды. Федерация өткен жылы Халықаралық кәсиплик аўқамлары конфедерациясына ағза болғаны оның дүньядағы абырайын жаңа басқышқа алып шығатуғын тарийхый ўақыя болды.

Ушырасыўда кәсиплик аўқамларының жумысын буннан былай да раўажландырыў ҳәм мийнет қатнасықларын жақсылаў бойынша келешектеги ўазыйпалар да додаланды.

Келеси жылдан мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарына байланыслы нызамшылық ҳүжжетлериниң жойбарын ислеп шығыўға Социаллық-мийнет мәселелери бойынша үш тәреплеме республикалық комиссияны (Кәсиплик аўқамлары федерациясы, Бәнтлик министрлиги, Жумыс бериўшилер конфедерациясы) да тартыў усыныс етилди. Бул мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарын белгилеўде хызметкерлердиң мәпин кепилликли қорғаў бойынша жаңаша қатнас болады.

Глобалласыў ҳәм санлы раўажланыў шараятында мийнет қатнасықлары тараўында жаңа түрлер, соның ишинде, аралықтан ҳәм платформалы бәнтлик кеңнен ен жаймақта. Бүгин бул бағдарлар экономикалық раўажланыўымыздың бир бөлегине, оларда жумыс алып барып атырған адамлар болса мийнет қатнасықларының тең ҳуқықлы субъектине айланбақта.

Сонлықтан, кәсиплик аўқамлары менен биргеликте платформаларда жумыс алып барып атырған пуқаралардың мийнет ҳуқықларын қорғаў ҳәм мийнетти қорғаўды тәмийинлеў, олардың өмири, қәўипсизлигин қамсызландырыў бойынша тийкарланған усынысларды ислеп шығыў зәрүрлиги атап өтилди.

Ҳаял-қызлардың белсенди социаллық қатлам болып қәлиплесиўинде кәсиплик аўқамларын жетекши күшке айландырыў ушын бүгин барлық имканиятлар бар екенлиги көрсетип өтилди. Президентимиз мийнет базарында ҳаял-қызлар ушын теңдей имканиятлар жаратыў, олардың турмыста өз орнын табыўына ҳәм социаллық белсендилигин арттырыўға жәрдемлесиў бойынша жаңа қатнасларды енгизиўге шақырды.

Ҳәр жылы мийнет жәмәәтлериндеги гендер аудит нәтийжелерин додалап, жумыс бериўшилер менен биргеликте ҳаял-қызларға және де қолайлы мийнет шараятларын жаратыў мақсетке муўапық екени атап өтилди.

Кәсиплик аўқамлары жарастырыўшы, келисимге келтириўши буўын сыпатында жумыс бериўши ҳәм хызметкер арасындағы келиспеўшиликлерди судқа шекем шешиўде белсендилик көрсетиўи әҳмийетли екени атап өтилди.

Соның менен бирге, жумыс пенен байланыслы бахытсыз ҳәдийселер ҳәм кәсипке байланыслы кеселликлер ҳаққындағы мағлыўматлардың бир пүтин системасы жоқ екенлиги көрсетип өтилди.

Жуўапкер министрликлерге кәсиплик аўқамлары менен бирге бахытсыз ҳәдийсе ҳәм кәсипке байланыслы кеселликлерге шатылыў жағдайлары ҳаққында мағлыўматларды алыўдың бирден-бир системасын иске қосыў және бундай ҳәдийселердиң есабатын жүргизиў, себеплерин таллаў ҳәм оған шешим табыў бойынша қарар жойбарын киргизиў тапсырылды.

Тийисли тармақларда мийнет етип атырған хызметкерлердиң ҳуқықларын исенимли тәмийинлейтуғын басламаларды алға қойыў мақсетинде министрликлер ҳәм уйымлар және тармақ кәсиплик аўқамлары коллегиал уйымларының қоспа мәжилисин турақлы түрде өткерип баратуғын системаны жолға қойыў усыныс етилди.

Халықаралық мийнет шөлкеми менен биргеликте ислеп шығылып атырған Өзбекстанда мүнәсип мийнет бойынша 2030-жылға шекем мөлшерленген бағдарламада мүнәсип бәнтлик, мийнетти қорғаў, социаллық қамсызландырыў, гендер теңлик, жаслар ҳәм инклюзивлик мәселелерине айрықша итибар қаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Ҳәр қыйлы себеплер менен жумыссыз қалған, мийнет процесинде кеселлик ямаса майыплыққа ушыраған адамларды социаллық қоллап-қуўатлаў кепилликлерин күшейтиў де әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады.

Сол себепли, тиккелей әмел ететуғын "Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў ҳаққында"ғы Нызамның қабыл етилиўин жеделлестирип, онда социаллық қамсызландырыў қорын қәлиплестириўде жумыс бериўши ҳәм хызметкерлердиң қатнасыўын анық белгилеў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Илимпазлар, тараў ветеранлары ҳәм белсендилери тәрепинен өткерилген үйрениўлер елимизде кәсиплик аўқамлары ҳәрекетине 1905-жылы тийкар салынғанын дәлилледи. Сонлықтан, быйыл пүткил мәмлекетимиз бойлап, кәсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң 120 жыллық юбилейи кеңнен белгиленбекте.

Усы сәне мүнәсибети менен Президентимиз мийнеткеш халқымызға терең ҳүрметтиң көриниси сыпатында ҳәр бир аймақта "Кәсиплик аўқамлары бағлары"н шөлкемлестириўди усыныс етти.

- Биргеликте баслаған жумысларымыз ҳәр бир мийнет жәмәәти, ҳәр бир хызметкер ҳәм оның шаңарағы ушын пайдалы болып атырғанына және бир мәрте исеним пайда еттим. Буннан былай да "Инсан қәдири ушын", деген ийгиликли идея Жаңа Өзбекстандағы реформалардың тийкарғы бағдарларынан бири болып қалады, - деди мәмлекетимиз басшысы.

Сөзин жуўмақлап, мәмлекетимиз басшысы тараў ўәкиллерин Өзбекстан кәсиплик аўқамларының 120 жыллық юбилейи ҳәм жақынласып киятырған кәсиплик аўқамлары күни менен қутлықлады.

Ушырасыўда кәсиплик аўқамларының белсендилери менен сөйлесиў өткерилип, олардың усыныс ҳәм басламалары тыңланды.