Тәреплер муқаддес Рамазан айы ҳәм еки мәмлекет арасындағы Мәңги дослық ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнаманың 30 жыллығы алдында өтип атырған бул мәжилис рәмзий мәниге ийе екенин атап өтти.
Сиясий сөйлесиў жедел раўажланып атырғаны, халықаралық машқалалар бойынша позицияларының уқсаслығы қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Түркий мәмлекетлер шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми ҳәм басқа да структуралар шеңберинде өз-ара жәрдемди даўам еттириўге келисип алынды.
Парламентлераралық байланыслар, соның ишинде, дослық топарлары арқалы да жеделлести.
Өз-ара саўда көлеми, Түркияның жетекши компаниялары менен биргеликтеги кәрхана ҳәм жойбарлардың саны избе-из артып бармақта.
Жақын жылларда товар алмасыўды, соның ишинде, Жеңиллетилген саўда ҳаққындағы келисим шеңберинде товарлардың дизимин кеңейтиў есабынан 5 миллиард долларға жеткериў ўазыйпасы қойылды.
Сапарға таярлық шеңберинде өз алдына бағдарлама тийкарында әмелге асырылатуғын санаат кооперациясының жаңа тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды.
Аймақлараралық бирге ислесиўдиң үлкен потенциалы да атап өтилди. Жылдың ақырына шекем Өзбекстанның барлық ўәлаятлары делегациялары бирге ислесиўши аймақлар менен жойбарлар портфелин қәлиплестириў мақсетинде Түркияға барады.
Аўыл хожалығы, бағшылық, денсаўлықты сақлаў, медициналық туризм тараўларында Түркияның алдынғы тәжирийбесин енгизиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Туризм тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў, театр фестиваллары ҳәм мәденият ҳәптеликлерин өткериў, биргеликте тарийхый фильмлер ислеп шығарыў ҳәм мәдений мийрас объектлерин реставрациялаўға айрықша итибар қаратылды.
Билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди тереңлестириў мақсетинде усы жылдың бәҳәринде Бухара қаласында төртинши Ректорлар форумын өткериўге келисип алынды.
Көп қырлы шерикликтиң перспективалы бағдарлары бойынша Ҳүкиметлераралық қоспа комиссия жәрдемши баслықларының есабатлары да тыңланды.
Мәжилис жуўмағында ҳүкиметлерге қабыл етилген қарарларды әмелге асырыў бойынша "жол картасы"н тастыйықлаў тапсырылды.
Соңында Шавкат Мирзиёев Режеп Тайип Эрдоғанды Өзбекстанға сапар менен келиўге мирәт етти.