Японияның бул жетекши финанс институты менен кең көлемли бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм қоспа жойбарларды алға қойыўдың әмелий тәреплери көрип шығылды.
Кейинги жылларда стратегиялық шерикликте жоқары дәрежеге ерисилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Жойбарлар бойынша қаржыларды өзлестириў пәти сезилерли дәрежеде артты.
Жойбарлар портфели 8 миллиард доллардан артты.
Денсаўлықты сақлаў, энергетика, транспорт, билимлендириў, санаат ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда және 3 миллиард доллардан аслам қаржы бағдарындағы баслама ислеп шығылмақта.
Сапар шеңберинде экономикалық зоналар, билимлендириў, аўыл хожалығы, транспорт тараўларын раўажландырыў, медициналық әсбап-үскенелер жеткерип бериў бойынша жаңа келисимлерге қол қойылды.
Япония тәрепи Өзбекстан - Япония инсан ресурсларын раўажландырыў орайы ҳәм Жаслар инновациялар орайының жумысын көп жыллар даўамында қоллап-қуўатлап киятырғаны жоқары баҳаланды.
Энергетика тараўын раўажландырыў, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллыққа қарсы гүресиў, алдынғы инженер кадрларды таярлаўда Агентликтиң қатнасын кеңейтиў, "Бир аўыл - бир өним" жойбарын кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Япония инвесторлары ушын арнаўлы экономикалық зона шөлкемлестириў жойбарын тез пурсатта иске қосыўға еки тәреп те таяр екени атап өтилди.
Сөзиниң жуўмағында мәмлекетимиз басшысы JICA менен 2030-жылға шекем мөлшерленген жаңа бирге ислесиў бағдарламасы шеңбериндеги жойбарларды өз ўақтында таярлаў ҳәм нәтийжелериниң турақлылығын тәмийинлеў әҳмийетли екенин атап өтти.









