Бул орай комбинаттың биринши, екинши ҳәм үшинши мыс байытыў фабрикаларында өндирис процесслерин муўапықластырыў, нәтийжелиликти арттырыў ҳәм үзликсиз қадағалаўды тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе.
Заманагөй санлы басқарыў системалары, үлкен монитор экранлары, видеобақлаў қураллары, сондай-ақ, Siemens PCS 7 ҳәм AVEVA PI Vision платформалары жәрдеминде реал ўақыт режиминде майдалаў, флотациялаў, қойыўластырыў, фильтрлеў, реагентлер ҳәм технологиялық суў менен тәмийинлеў процесслери, цехлар ҳәм транспорт системасының жумысы қадағалап барылады.
Яғный, бул орай фабриканың өзине тән "мийи" болып есапланады: бирден-бир мәлимлеме системасына жигирма мыңнан аслам үскене жалғанған. "Ақыллы" камералар бирлемши қадағалаўды әмелге асырады, жасалма интеллект болса аномал жағдайларды автоматикалық түрде анықлайды. Бул мағлыўматларды жедел таллаў ҳәм қарар қабыл етиў имканиятын береди.
Президентимиз орайдың жумысы менен танысып, санаатта, әсиресе, таў-кән ҳәм металлургия тармақларында нәтийжелиликти арттырыўда жасалма интеллекттиң имканиятлары үлкен екенин атап өтти. Онда суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў мақсетинде заманагөй ресурс үнемлеўши технологияларды кеңнен енгизиў зәрүрлигине айрықша итибар қаратылды.
Усы жерде мәмлекетимиз басшысына комбинаттың өндирис ҳәм технологиялық процесслерин және де санластырыў режелери таныстырылды.
Атап өтилгениндей, карьерде руданы қазып алыўдан баслап, таяр өним шығарыўға шекемги барлық басқышлар избе-из санластырылмақта. Келеси бес жылда ҳәр бир басқышта жасалма интеллект тийкарындағы шешимлерди кеңнен енгизиў режелестирилген.
Сексен жыл даўамында топланған геологиялық ҳәм маркшейдерлик мағлыўматлар тийкарында кәнлерди санластырыў процеси ҳаққында да мағлыўмат берилди. Атап айтқанда, "Санлы кән" системасы арқалы күнлик, ҳәптелик ҳәм айлық қазыў жумысларының бағдарларын анық белгилеп алыў мүмкин.
Жасалма интеллект тийкарында карьер жолларының жағдайы, самосваллар шинасының басымы ҳәм температурасы датчиклер жәрдеминде қадағалап барылады. Мине усындай турақлы қадағалаў нәтийжесинде шиналардың хызмет мүддети 14 процентке артты.
Заманагөй технологияларды пуқта ийелеген қәнигелер таярлаў, кадрларды жаңаша ислеў ҳәм санлы шешимлерге үйретиў тийкарғы ўазыйпалардан бири болып қалатуғыны атап өтилди.
Патент жумысын кеңейтиўге де айрықша итибар қаратылды. Фабрика жумысының ҳәр бир басқышында қолланылып атырған илимий-технологиялық шешимлерди патентлеў, бул бағдарда ўәкилликли шөлкемлер менен бирге ислесиўди күшейтиў, перспективалы инновациялық бағдарларды анықлаў зәрүрлиги атап өтилди.
Атап өтилгениндей, жаңа патент - бул жаңа технология, жаңа өндирис бағдары ҳәм жаңа базарлар. Мәмлекетимиздиң бай шийки зат базасы дүнья базарларына шығыў ушын кең имканиятлар ашып атырғанын есапқа алып, 2026-жылдың өзинде қандай перспективалы бағдарлар бойынша ҳәм қанша муғдарда жаңа патентлер алыў мүмкин екенлиги бойынша анық көзқарасларды ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.