Уллы сәркарда Жалолиддин Мангуберди аты менен аталған бул поезд Өзбекстанға алып келинетуғын алты «Hyundai Rotem» поездының бириншиси болды. Поезд 7 вагоннан ибарат болып, саатына 260 километрге шекем тезликке ерисе алады.

Реңли айналарға ие ақ реңли состав Өзбекстан байрағын еслетиўши көк, жасыл ҳәм қызыл реңдеги сызықлар ҳәм «Jaliloddin Manguberdi» жазыўы менен безелген. Поезддың узынлығы 175 метр болып, VIP, бизнес ҳәм економ сыяқлы үш класстағы 390 ға шамалас жолаўшыға мөлшерленген.

Поезд Өзбекстанның климат шараятларын есапқа алған ҳалда арнаўлы ислеп шығылған болып, шаң-тозаң, оғада жоқары ҳәм төмен температура, қум боранларына шыдамлы ҳәм узақ аралықларға мөлшерленген.

Жақын күнлерде «Jaliloddin Manguberdi» поезды "Ташкент - Үргенш - Хийўа" жөнелиси бойынша қатнай баслайды. Жолға кететуғын ўақыт 7 саат болыўы күтилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы сапар даўамында ўәлаят белсендилери, мийнет ветеранлары, интакер жаслар менен қызғын сәўбетлести.

Мәмлекетимизде жүз берип атырған кең көлемли өзгерислер, әмелге асырылып атырған ири жойбарлар, адамлардың абаданлығы ҳәм қолайлығы жолында әмелге асырылып атырған ийгиликли басламалар ҳаққында пикир алысылды.

Президент Шавкат Мирзиёев Нарпайға келгеннен соң, Самарқанд ўәлаяты Нарпай районындағы гидропоника усылында қулпынай жетистирилетуғын ыссыхананың жумысы менен танысты.

Самарқандта әзелден дийқаншылық мәденияты раўажланған, жер ҳәм суўдан нәтийжели пайдаланыў бойынша үлкен тәжирийбе топланған. Нарпай районында да ҳәр бир қарыс жер ҳәм бар суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, алдынғы агротехнологияларды енгизиўге итибар барған сайын артып бармақта.

Бүгинги күнде гидропоника усылында өним жетистириў әмелиятына қызығыўшылық артып бармақта. Бундай инновациялық усылды енгизип атырған алдынғы хожалықлар қатарында жоқары экономикалық нәтийжелиликке ерисип атырған "Нарпай қулпынайлары" кәрханасы да бар.

Жойбардың улыўма баҳасы 650 мың доллар болып, бир гектар майданда заманагөй ыссыхана қурылған. Бул ыссыханада жылына 50 тонна қулпынай жетистириў мүмкин.

Ҳәзирги ўақытта кәрхана өз өнимлерин "Нарпай қулпынайлары" саўда белгиси астында ири жергиликли усақлап сатыў тармақларына жеткерип бермекте. Бул болса ишки базарды сапалы ҳәм экологиялық таза өнимлер менен тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болмақта.

Гидропоника технологиясы бойынша қулпынай топырақтан пайдаланылмастан - арнаўлы азықлық еритпелерди қолланыў арқалы жетистириледи. Өсимликлердиң тамырлары топырақта емес, ал суўды жақсы өткизетуғын кокос тамырында раўажланады. Бунда өсимликлерге керекли минераллар тиккелей суў арқалы жетип барады, бул өсимликлердиң энергия сарпланыўын азайтады ҳәм өсиў процесин тезлестиреди. Онда өнимдарлық дәстүрий усылларға салыстырғанда бир неше есеге жоқары болады.

Буннан тысқары, гидропоника технологиясы киши майданда көп муғдарда өним алыў имканиятын береди. Ең әҳмийетлиси, топырақтың жоқлығы есабынан суўдың жумсалыўы 80 процентке шекем қысқармақта. Өсимликлердиң кеселлениў қәўпи минимал дәрежеде болғаны ушын химиялық қураллардан пайдаланыў минимал дәрежеге келтирилген. Бул өнимлердиң экологиялық тазалығын тәмийинлейди ҳәм заман талапларына толық жуўап береди.

Ыссыханада суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилген. Атап айтқанда, жаўын-шашын суўын жыйнаў ҳәм оннан нәтийжели пайдаланыў ушын үлкен резервуар қурылған. Буннан тысқары, автоматластырылған гидропоника үскенелери, қуяш панеллери ҳәм энергияны үнемлейтуғын жақтыландырыў системалары орнатылған болып, өндирис қәрежетлерин азайтыў имканияты жаратылған.

Бундай жойбарлар аўыл хожалығы өнимлерин жыл даўамында турақлы жеткерип бериўде айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди. Сондай-ақ, исбилерменниң перспективалы режелери ҳаққында мағлыўмат берилди.

Атап айтқанда, келешекте жойбарды кеңейтип, қосымша 60 гектар майданда жаңа ыссыханалар қурыў режелестирилген. Нәтийжеде өндирис көлеми жылына 300 мың тоннаға шекем артады. Жаңа жумыс орынлары жаратылады.

Мәмлекетимиз басшысы бундай ыссыханаларды хожалықларда да көбейтип, турақлы дәрамат дәрегин жаратыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

- Бүгин барлық тараўларда болғаны сыяқлы бул бағдарда да жасалма интеллекттен нәтийжели пайдаланыў зәрүр. Жумысларды дурыс шөлкемлестирип, адамларды усы жумысқа үйретип, Нарпай тәжирийбеси сыпатында кеңнен үгит-нәсиятласақ, халқымыз гидропоника усылында жыл даўамында өним жетистирип, базарды толтырып, жақсы дәрамат алыўы мүмкин, - деди Шавкат Мирзиёев.