Санаат кәрханаларына 2025-жыл 1-декабрьге шекем атмосфераға зыянлы элементлер шығарыўды 2 есеге қысқартыў ўазыйпасы қойылды

    Саноат[kk] 24 қараша 2025 260

    Атмосфера ҳаўасының патасланыўын сапластырыў мақсетинде Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети санаат кәрханаларына бир қатар биринши гезектеги миннетлемелер жүкледи.

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 31-майдағы 81-санлы Пәрманы ҳәм Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 25-ноябрьдеги 783-санлы қарарына муўапық, қоршаған орталыққа тәсир дәрежеси бойынша тийисли болған хожалық жүргизиўши субъектлер:

    I категория - 2026-жыл 1-январьға шекем;

    II категория - 2026-жыл 1-июльге шекем;

    төмендеги талапларды орынлаўы шәрт:

    атмосфераға патасландырыўшы затларды шығарыўды анализлейтуғын автоматикалық мониторинг станцияларын орнатыў ҳәм оларды экологиялық қадағалаў уйымлары менен интеграциялаў;

    жоқары нәтийжели шаң-газ тазалаў қурылмалары ҳәм локал тазалаў қурылмаларын орнатыў, сондай-ақ, барларын модернизациялаў;

    санитариялық қорғаў зоналарын автоматластырылған стационар бақлаў постлары менен үскенелесин.

    Нызамшылыққа муўапық, бул миннетлемелерди орынламаған субъектлер қоршаған орталықты патасландырғаны ушын компенсация төлемлерин 5 есеге арттырған ҳалда төлейди.

    Буннан тысқары, "Атмосфера ҳаўасын қорғаў ҳаққында"ғы нызамның 24-статьясына муўапық, күтилип атырған қолайсыз метеорологиялық шараятларда кәрханалар патасландырыўшы элементлер шығарылыўын азайтыў ямаса пүткиллей жоқ етиў илажларын көриўи шәрт.

    Экология ҳәм климат өзгериўи бойынша миллий комитет барлық кәрханалардан усы жылдың 1-декабрьине шекем атмосфераға патасландырыўшы элементлерди шығарыўды 2 есеге қысқартыўды талап етеди.

    Бул талапты орынламаған кәрханалар Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң қарары менен: 10 жумыс күнинен көп болмаған мүддетке ўақтынша тоқтатылыўы ямаса "Экологиялық қадағалаў ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 22-статьясына тийкарланып белгиленген тәртипте сапластырылыўы мүмкин.

    Сондай-ақ, экологиялық миннетлемелерди орынламаған кәрханаларға Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 851, 95 ҳәм 1976-статьяларына муўапық ҳәкимшилик шаралар қолланылады. Атмосфера ҳаўасының патасланыўына себеп болған кәрханалар Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексине муўапық жынайый жуўапкершиликке де тартылыўы мүмкин.



    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates