Атап айтқанда, екинши тийкарғы бағдар - экономиканы технологиялық ҳәм инновациялық өсиў моделине өткериўден ибарат.

"Жәҳән көлеминде бәсеки барған сайын күшейип атырған ҳәзирги шараятта тек ғана жоқары қосымша қунлы өним ислеп шығара алатуғын мәмлекетлер ғана дүнья базарында өз орнына ийе болмақта. Соның ушын экономиканың барлық тараўларында жоқары нәтийжелиликке ерисиў - келешекте реформаларымыздың баслы өлшеми болыўы шәрт" - деп айрықша атап өтти Президентимиз.

Нәтийжеде, экономикалық тәжирийбе ҳәм излениўлер соны көрсетеди, базар да, мәмлекет те жеке ҳалда турақлы раўажланыўды тәмийинлей алмайды. Базар еркинлиги бәсеки, инновация ҳәм нәтийжелиликти хошаметлесе, мәмлекет қатнасыўы социаллық әдиллик, турақлылық ҳәм улыўма қағыйдаларды тәмийинлейди. Машқала мине усы еки күш арасындағы тең салмақлық бузылғанда жүзеге келеди.

Егер мәмлекет базарға артықша араласса, исбилерменлик басламалары шекленеди, бәсеки төменлейди ҳәм экономикалық белсендилик төменлейди. Керисинше, мәмлекеттиң роли жетерли дәрежеде тәмийинленбесе, монополиялардың қәлиплесиўи, баҳаларды жасалма арттырыў, тутыныўшылардың мәплериниң бузылыў қәўпи артады. Соның ушын заманагөй экономикалық сиясатта ең әҳмийетли мәселе - мәмлекет ҳәм базар арасында ақылға уғрас тең салмақлылықты табыў болып есапланады.

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан жаңа экономикалық сиясат басқышына қәдем қойып барар екен, мәмлекеттиң экономикадағы ролин анық белгилеп алыўы, оны тиккелей ислеп шығарыўшы емес, ал тәртипке салыўшы ҳәм кепиллеўши сыпатында қәлиплестириўи зәрүр. Бизиң пикиримизше, мине усы қатнас заманагөй базар экономикасының талапларына толық жуўап береди ҳәм турақлы экономикалық өсиўге тийкар жаратады.

Жаңа экономикалық сиясат мәмлекетти базардан шетлетиўди емес, ал оның араласыўын сапа жағынан өзгертиўди нәзерде тутады. Мәмлекет базарды басқарыўы керек емес, бирақ оның әдил, ашық-айдын ҳәм бәсекили ислеўин тәмийинлеўи шәрт. Бул болса нызам үстинлиги, монополияға қарсы нәтийжели механизмлер ҳәм барлық қатнасыўшылар ушын тең шараят жаратыў арқалы әмелге асырылады.

Бүгинги күнде пуқаралардың абаданлығы, исбилерменлердиң исенимли жумыс алып барыўы ҳәм инвестициялық орталықтың тартымлылығы мине усы тең салмақлылыққа байланыслы. Негизинде мәмлекеттиң тийкарғы ўазыйпасы базарды шеклеў емес, ал оны саламат бәсеки тийкарында раўажландырыў болып табылады. Себеби, еркин ҳәм әдил базары бар жәмийетте сапалы өним, мақул баҳа ҳәм турақлы жумыс орынлары қәлиплеседи.

Мәмлекет ҳәм базар арасындағы қатнасықлар теңсалмақлығы түрли мәмлекетлерде түрлише қәлиплескен. Айырым жағдайларда мәмлекеттиң артықша ҳәкимшилик араласыўы исбилерменлик белсендилигин төменлеткен, инвестициялық орталықты әззилеткен. Басқа айырым мысалларда болса мәмлекетлик қадағалаўдың жетерли дәрежеде болмағаны базарда үстин статусқа ийе субъектлердиң қәлиплесиўине, баҳаларды жасалма арттырыў ҳәм бәсекини шеклеў жағдайларына алып келген.

Базар экономикасының әҳмийетли үстинликлерден бири - бәсеки. Бәсеки ислеп шығарыўшыларды қәрежетлерди қысқартыўға, сапаны арттырыўға ҳәм инновациялық шешимлерди енгизиўге ийтермелейтуғын күш. Сол себепли бәсеки орталығын қорғаў мәмлекет экономикалық сиясатының тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады.

Мәмлекет ҳәм базар арасындағы тең салмақлылық мәселеси бүгин тосыннан додалаў темасы емес, ал Өзбекстанның узақ мүддетли раўажланыў мақсетлери менен тиккелей байланыслы стратегиялық бағдар болып есапланады. Жаңаланып атырған "Өзбекстан - 2030" стратегиясы мине усы теңсалмақлылықты тәмийинлеўди экономикалық сиясаттың орайына қояды.

Бул стратегияда экономикалық өсиўди жеделлестириў, жеке меншик сектордың үлесин арттырыў, бәсеки орталығын беккемлеў ҳәм мәмлекеттиң экономикадағы ролин сапа жағынан жаңалаў тийкарғы әҳмийетли ўазыйпалар сыпатында белгилеп қойылған. Бул қатнас Өзбекстан ушын мәмлекетлик ҳәм базар қатнасықларын жаңа басқышқа алып шығыў ушын беккем тийкар болып хызмет етеди.

Бул стратегияның әҳмийетли тәреплеринен бири - мәмлекеттиң экономикадағы тиккелей қатнасын қысқартыў, оның орнына тәртипке салыўшы ҳәм кепиллик бериўши функцияларын күшейтиў болып есапланады. Яғный, мәмлекет кәрханаларды басқарыўшы емес, ал әдалатлы қағыйдаларды орнатыўшы, бәсекини қорғаўшы ҳәм базар механизмлериниң нәтийжели ислеўин тәмийинлеўши институт позициясын ийелейтуғынын аңлатады. Бундай қатнас ҳәзирги базар экономикасының талапларына толық жуўап береди.

Стратегияда жеке мүлкке қол қатылмаслығын тәмийинлеў, исбилерменлик жумысына ҳәкимшилик тосқынлықларды қысқартыў ҳәм инвестициялық орталықты жақсылаўға айрықша итибар қаратылған. Бул болса базар механизмлериниң еркин ислеўи ушын зәрүр шараятларды жаратады. Соны қатаң айтыўымыз мүмкин, базар еркинлиги өз-өзинен емес, ал анық қағыйдалар ҳәм нәтийжели мәмлекетлик қадағалаў бар болған шараятта ғана унамлы нәтийже береди.

Мәмлекетимизде соңғы жылларда алып барылған реформалар енди тек ғана нийет ямаса бағдарлама емес, ал көринетуғын әмелий нәтийжеге айланғанын тән алыў керек. Атап айтқанда, Өзбекстан тарийхында биринши мәрте жалпы ишки өнимниң көлеми 145 миллиард доллардан артқаны экономикалық өсиўдиң реал қуўатлылыққа айланғанын билдиреди. Экспорт көлеминиң 23 процентке артып, 33,4 миллиард долларға жеткени сыртқы базарларда бәсеки күшейип атырған шараятта да өндирис ҳәм саўда потенциалының кеңейгенинен дәрек береди. Алтын-валюта резервлериниң 60 миллиард доллардан асып, реформалар ушын исенимли финанслық таянышқа айланыўы экономикалық турақлылықты сезилерли дәрежеде күшейтти.

2025-жылы тартылған сырт ел инвестицияларының көлеми 43,1 миллиард долларға жеткени, жәми инвестициялардың жалпы ишки өнимдеги үлеси 31,9 процент болғаны келеси жылларда экономикалық жеделликтиң жоқары пәтлерде даўам етиўи ушын беккем тийкар жаратады. Халықаралық рейтинг агентликлери тәрепинен суверен рейтингтиң "ВВ-" дәрежесинен "ВВ" дәрежесине көтерилгени болса сыртқы ресурслардың баҳасын төменлетиў, процент ставкаларын 1-1,5 пунктке түсириў ҳәм жыллық сыртқы қарыз қәрежетлерин кеминде 300 миллион долларға қысқартыў имканиятын береди.

Президентимиздиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына Мүрәжатында 2026-жыл ушын экономикалық-социаллық трансформацияны жеделлестиретуғын 6 тийкарғы бағдар усыныс етилген. Бул қатнас "мәмлекет экономиканы басқарыўы керек" ямаса "базар ҳәмме нәрсени шешеди" деген еки кескин көзқарас арасындағы ең мақул - прагматикалық жол екенине беккем исенемиз. Себеби ҳәр бир бағдарда мәмлекеттиң ўазыйпасы бирдей: шараят жаратыў, қағыйда ҳәм әдилликти тәмийинлеў, инфраструктура ҳәм инсан капиталын күшейтиў; базардың ўазыйпасы болса - инвестиция, баслама, бәсеки ҳәм инновация арқалы өсиўди жеделлестириў.

Мүрәжаттағы бул алты бағдарды бирлестирип туратуғын улыўма идея соннан ибарат, мәмлекет - орталық ҳәм қағыйда жаратады; базар - өсиў ҳәм қосымша қун жаратады. Исенимимиз кәмил, мине усы бирге ислесиў модели беккемленсе, 2030-жыл мақсетлери де, абаданлық нормалары да реал нәтийжеге айланады.

Жоқарыда келтирилген таллаўлар ҳәм санлар соннан дәрек береди, соңғы жылларда ерисилген экономикалық ҳәм социаллық нәтийжелер тосыннан емес. Олар мәмлекет ҳәм базар арасында қәлиплесип атырған жаңа бирге ислесиў моделиниң нәтийжеси болып есапланады.

Ең әҳмийетлиси, экономикалық реформалар инсан турмысында сезилерли нәтийже бериўи керек. Турақлы экономика - бул тек ғана жалпы ишки өним көлеминиң өсиўи емес, ал турақлы жумыс орынлары, турақлы дәрамат, сапалы хызметлер ҳәм социаллық қорғаў дегени. Халықтың абаданлығы болса мәмлекетлик сиясат ҳәм базар механизмлери қай дәрежеде үнлес ислеп атырғанының ең анық өлшеми болып есапланады.

Жуўмақлап айтқанда, мәмлекет ҳәм базар арасындағы ақылға уғрас теңсалмақлылықты сақлаў - жаңа Өзбекстанның раўажланыўының стратегиялық жолы. Бул жол арқалы мәмлекетимиз экономикалық жақтан турақлы, социаллық жақтан әдил ҳәм келешек әўладлар ушын беккем имканиятлар жарататуғын мәмлекетке айланады. Алып барылған таллаўлар тийкарында айтыўымыз мүмкин, мине усы тең салмақлылық сақланған жағдайда ғана реформалар шын мәнисинде халықшыл, раўажланыў болса избе-из болады.

Соҳибжан ТОПИЛДИЕВ,

экономика илимлериниң докторы