Мәмлекетимизде автомобиль транспорты экономиканың әҳмийетли тармақларынан бири сыпатында үлкен социаллық әҳмийетке ийе. Ол халық ушын ең қолайлы ҳәм аңсат пайдаланылатуғын ҳәрекетлениў қуралы сыпатында турмысымызда беккем орын ийелеген.
Усы мүнәсибет пенен, пуқаралар ушын автомобиль сатып алыў процесиндеги әҳмийетли қағыйдаларды билиў жүдә зәрүр.
Министрлер Кабинетиниң 38-санлы қарарына муўапық, автомототранспорт қураллары менен байланыслы алды-сатты ҳәм басқа да келисимлер улыўма жағдайда нотариуслар тәрепинен нотариал тәртипте тастыйықланыўы шәрт.
Төмендеги жағдайларда нотариал тастыйықлаў талап етилмейди:
Автомобиль ислеп шигарыўшы кәрханалар, рәсмий дилерлер ҳәм дистрибютор шөлкемлер арқалы сатып алынғанда;
Лизинг шәртнамалары тийкарында хызмет көрсетиўши шөлкемлер (жеңил автомобиллерден тысқары);
2,0 млрд сумнан кем болмаған устав капиталына ийе кредит ямаса лизинг компаниялары арқалы;
“TRADE-IN” бағдарламасы арқалы рәсмий дилерлерге тапсырылғанда;
Мәмлекетлик орынлаўшылар тәрепинен онлайн-аукционлар арқалы автомобиль сатылғанда.
Шет елден алып келинген автомашиналар:
Басқа мәмлекетлерден алып келинген автомобиллер бажыхана ҳәм ЖҲҚХ уйымларында рәсмийлестирилгеннен кейин ғана алды-сатты питими дүзилиўи мүмкин.
Қатаң қадаған етиледи:
Дизимнен өтпеген автомототранспорт қуралларын базарларда алды-сатты етиў;
Биржалар арқали сатиў;
Транспорт қуралларын питимлер ушын хатлап қойылған ямаса басқа шахсқа бериў ҳуқықы шекленген жағдайда пайдаланыў.
Жасқа тийисли шеклеўлер:
Автотранспорт қуралларын 18 жасқа толмаған шахсларға;
Мототранспорт қуралларын 16 жасқа толмаған шахсларға рәсмийлестириў бурынғысынан басқаша тәризде әмелге асырылып, гүўалықта:
"Транспорт қуралы ийеси 18 (ямаса 16) жасқа толғанға шекем қәўендер ҳәм қайырқомлардың рухсатысыз келисим дүзиў қадаған етиледи" деген жазыў киргизиледи.
Келисимнен соң:
Нотариус тәрепинен тастыйықланған келисимлер тастыйықланған күннен баслап 10 күн ишинде МЖҲХ уйымларында дизимнен өткерилиўи керек.