Келисимде еки мәмлекет арасында өз-ара пайдалы сиясий, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиў байланысларын раўажландырыўға қаратылған тийкарғы бағдарлар белгиленбекте.

Соның ишинде, Келисимде кең көлемли мақсетлерди гөзлеген билимлендириў ҳәм илим, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм мәдений мийрас, туризм, спорт сыяқлы әҳмийетли тараўларда бирге ислесиўди тереңлестириў, сондай-ақ, экономика, басқарыў, дипломатия ҳәм туризм тараўларында кадрлар таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў бойынша тәжирийбе алмасыўға қаратылған биргеликтеги ҳәрекетлерди муўапықластырыў нәзерде тутылмақта.

Буннан тысқары, бул ҳүжжетте халықаралық шәртнамаларға муўапық өз-ара пайдалы саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў, инвестицияларды тартыў ҳәм хошаметлеў және жеке меншик секторлардағы қоспа кәрханаларды шөлкемлестириў бойынша зәрүр илажларды көриў нәзерде тутылмақта.

Ҳүжжетте халықаралық терроризм ҳәм экстремизмге, нәшебентлик қураллары, психотроп затлар, қураллардың нызамсыз айланысына, шөлкемлескен жынаятшылыққа, адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм оларды сапластырыў механизмлериниң нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған ҳәрекетлерди муўапықластырыў ҳәм бирлестириў бойынша анық ҳәм режели илажлар белгиленбекте.