Қарарға бола, барлық түрдеги аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерди ижараға бериўде 2025-жыл 11-марттан төмендеги тәртиплер енгизиледи.
электрон онлайн аукцион саўдасын өткериў ҳаққындағы хабарды жәриялаў мүддети 15 күннен 5 күнге, қайта саўдаларда - 5 күннен 1 күнге қысқартылады;
қайта саўдаларда тек ғана бир талапкерден арза келип түскен жағдайда, оған усы саўдаларда жәрияланған баҳада лотты ықтыярый сатып алыў усыныс етиледи;
ҳәр қайта саўдада лот баҳасы 10 проценттен басланғыш баҳаның 20 процентине шекем басқышпа-басқыш төменлетиледи.
2025-жыл 1-апрельден аукцион саўдаларында жер участкасына ижара ҳуқықын алыў ушын төлемлерди бөлип-бөлип төлеў ҳәм төлем толық төленгенде шегирме бериў тәртиби бийкар етиледи, бул төлемлер 15 жумыс күни ишинде толық төлениўи шәрт екенлиги белгиленди.
2025-2026-жылларда аукцион саўдаларына шығарылатуғын аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер жәми майданының орташа 10-20 проценти шарўашылық ушын от-жем егинлерин егиў шәрти менен саўдаға шығарылады.








