Аўыл хожалығы егинлери туқымларының сапасын баҳалаў системасы түп-тийкарынан реформаланады

    8 шілде 2025 2804

    "Аўыл хожалығы егинлери туқымларының сапасын баҳалаў системасын түп-тийкарынан реформалаў илажлары ҳаққында"ғы Президент Пәрманы (ПП-109-санлы, 07.07.2025 ж) қабыл етилди.

    Пәрманға бола, аўыл хожалығы егинлери туқымларының сапасын баҳалаўда санлы QR кодлы жарлықлаў, сондай-ақ, туқымлықларды жетистириў ҳәм реализациялаў менен шуғылланыўшы исбилерменлердиң реестрин жүргизиўге тийкарланған жаңа система енгизиледи.

    "Аўыл хожалығы өнимлериниң сапасын баҳалаў орайы" мәмлекетлик мәкемеси аўыл хожалығы егинлери туқымларының сапасын баҳалаўшы бирден-бир ўәкилликли шөлкем сыпатында белгиленди.

    2026-жыл 1-январьдан Бажыхана комитети тәрепинен санлы QR кодлы белгиленбеген ҳәм унамлы егислик жуўмағы алынбаған импорт етилип атырған аўыл хожалығы егинлериниң туқымларын "еркин айланысқа шығарыў" бажыхана режимине рәсмийлестириў қадаған етиледи.

    2026-жылдан QR кодлы ярлык қойылмаған ҳәм унамлы егислик жуўмағы алынбаған аўыл хожалығы егинлериниң туқымларын сатқан исбилерменлерге БЕМниң 150 есесине шекемги ҳәкимшилик жәрийма қолланылады.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates