Презентацияның басында усы жылы тараўға қаратылған қаржылар ҳәм олардың нәтийжелилиги ҳаққында мағлыўмат берилди.
Атап өтилгениндей, пахта ҳәм ғәлле жетистириўди қаржыландырыў, аўыл хожалығы техникасын сатып алыў, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўге 29 триллион сум ажыратылған. Буннан тысқары, тараўға 2 триллион 350 миллиард сум субсидия ажыратылды.
3 мың 430 фермер хожалығы ҳәм кластерге пахта баҳасының 10 проценти муғдарында субсидия ажыратылғаны нәтийжесинде олар 151 мың гектарда өз қаржылары есабынан пахта жетистирип, 1,9 триллион сум ресурсларды үнемледи.
Буннан тысқары, быйыл пахта жетистириў ушын алған кредитлерин толық төлеген фермерлерге төлемлердиң 4 процентлик пунктин қайтарыў имканияты жаратылып, 9002 фермердиң 2,5 триллион сумлық жеңиллетилген кредитлери мүддетинен алдын төлеп берилди.
Келеси жылы пахта ҳәм ғәлле өними, субсидиялар ҳәм басқа да қәрежетлер ушын жәми 34,2 триллион сум ажыратылыўы режелестирилген. Буннан тысқары, 800 пахта териў машинасын сатып алыў ушын қосымша 200 миллион доллар тартыў нәзерде тутылған. Бул бағдарда жаңа қоллап-қуўатлаў механизмлери көрип шығылды.
Атап айтқанда, 2026-жылы агротехникалық илажлар, соның ишинде, плёнка ҳәм шланглар ушын қосымша 5 триллион сум ажыратыў усыныс етилди. Кредит лимитиниң 50 процентинен өним жетистириў ушын пайдаланған фермерлерге сатылған пахта баҳасының 5 проценти муғдарында субсидия ажыратылыўы, өз қаржысы ҳәм айырым кредитлер есабынан аўыл хожалығы егинлерин жетистирип атырған фермерлердиң саны 4-4,5 мыңға жеткерилип, олар 2,5-3 триллион сум үнемлеў имканиятына ийе болатуғыны атап өтилди.
Ҳәзир фермерлерге кредит бериўде финанслық турақлы хожалықларға да, төлем тәртибине әмел етпегенлерге де бирдей процент ставкасы қолланылмақта. Усы мүнәсибет пенен "тәртип-интизам - кредиттен арзан" моделин енгизиў мақсетинде кредит рейтинги "А" категориядағы хожалықларға ставкасын 2 процентке, "В" категориядағыларға болса 1 процентке төменлетип кредит бериў усыныс етилмекте.
Буннан тысқары, өз қаржысы есабынан бийдай жетистирген фермерлерге бийдай баҳасының 10 проценти муғдарында субсидия ажыратыў усыныс етилди.
Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, фермерлерди хошаметлеў, олардың исенимин ҳәм экономикалық мәплерин беккемлеў аўыл хожалығын раўажландырыўдың тийкарғы таянышы, соның ушын аграр тараўды қоллап-қуўатлаў механизмлери избе-из кеңейтиледи.
Өзбекстан Президентиниң усы жыл 22-ноябрьдеги "Аграр тараўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы пәрманына муўапық, аграр тараўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў механизмлерин жетилистириў мақсетинде Аўыл хожалығы министрлиги жанында Аграр тараўдағы төлемлер агентлиги шөлкемлестирилди.
Презентацияда агентликке жүкленген ўазыйпалардың орынланыўын шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.
Бүгинги күнде аўыл хожалығында 52 түрдеги субсидия ажыратылмақта. Жаңа системада бул процесс түп-тийкарынан әпиўайыластырылады: инсан факторы ҳәм бюрократия кескин азаяды, мүрәжатларды көрип шығыў толық санластырылады ҳәм барлық процесслер "Агропортал" арқалы әмелге асырылады.
Буның ушын 10 нан аслам министрлик ҳәм уйымлардың мәлимлеме системалары "Агросубсидия" мәлимлеме системасына интеграцияланады.
Атап айтқанда, 2026-жыл ушын нәзерде тутылған 1,3 триллион сумлық субсидиялар мәмлекетлик уйымлар тәрепинен проактив түрде арза бериўшиниң қатнасыўысыз, қалған бөлеги келисиў, жуўмақ бериў ҳәм ҳүжжетлерди рәсмийлестириўдиң айырым басқышларынан ўаз кешип, әпиўайыластырылған тәртипте бериледи. Нәтийжеде субсидиялар бериў мүддетлери сезилерли қысқарады.
Мәмлекетимиз басшысы қаржыландырыў механизмлерин буннан былай да жетилистириў, субсидиялаўдың мәнзиллилиги ҳәм жеделлигин тәмийинлеў, барлық процесслерди санластырыў, фермерлерге қолайлы шараят жаратыў бойынша анық тапсырмалар берди.










