Усы пәрманға тийкарланып Экология министрлиги ҳәм Тоғай хожалығы агентлиги тәрепинен тоғайлар жаратыў, қайта тиклеў ҳәм тоғай өртлерине қарсы гүресиў илажлары ушын арнаўлы техникаларды сатып алыў, хожалықлардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў ушын 2024-2026-жылларда республикалық бюджеттен талап етилетуғын зәрүр қаржылар ажыратылмақта.

Оған муўапық, 2025-жылы республикалық бюджеттен ажыратылған қаржылар есабынан 81 аўыл хожалығы техникасы - 15 трактор, 55 культиватор, 6 мини экскаватор ҳәм 5 суў тасыўшы автомашина сатып алынды.

Бул техникалардың барлығы "Ташкент трактор заводы", "Самарқанд автомобиль заводы" ҳәм Хорезмдеги "UzXCMG" сыяқлы жергиликли кәрханаларда ислеп шығарылған.

Бүгин Ташкент қаласындағы Дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеў илимий-өндирислик орайында бул техникалар аймақлық мәмлекетлик тоғай хожалықларына тарқатылды. Илажда Тоғай хожалығы агентлигиниң директоры Эркин Муҳиддинов, Агентликтиң жуўапкер басшылары ҳәм хызметкерлери, аймақлық мәмлекетлик тоғай хожалықларының хызметкерлери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажды Э.Муҳиддинов кирис сөз бенен ашып, тараўда әмелге асырылып атырған соңғы өзгерислерге тоқтап өтип, мәмлекетимиз тәрепинен тоғай хожалықларының материаллық-техникалық базасын жақсылаўға қаратылып атырған жоқары итибарды атап өтти.

"Биз билемиз, елимизде экологиялық турақлылықты тәмийинлеўде тоғайлардың орны үлкен. Усы мақсетте кейинги жыллары тоғай хожалығы тараўында нәтийжели жойбарлар әмелге асырылмақта. Бул болса системада мийнет етип атырған ҳәр бир хызметкерге және де жуўапкершилик жүклейди. Президентимиздиң тиккелей итибары менен бүгин аймақларға заманагөй аўыл хожалығы техникаларының берилип атырғаны тараў хызметкерлерине және де жуўапкершилик жүклейди. Және де күш-ғайрат ҳәм күш-жигер менен ислеўге ийтермелейди", - деди Э.Муҳиддинов.

Заманагөй техникалар өртке қарсы гүресиў, терасса усылында тоғайлар жаратыў, нәл егиў ҳәм егилген нәллерди суўғарыў ушын мөлшерленген. Енди усы арнаўлы техникалар жәрдеминде республика аймақларында жасыллық дәрежесин және де арттырыў, "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбарын кең көлемде даўам еттириў арқалы экологиялық турақлылықты тәмийинлеў имканияты және де кеңейтеди.