баннер
29 Mar 2025
04:18

    Өзбекстанда аўыл хожалығы өниминиң көлеми соңғы 5 жыл ишинде 18,5 процентке өсти

    2024-жылы республикада жалпы аўыл хожалығы өниминиң көлеми 444,6 триллион сумға жетти ҳәм 5 жыл ишинде 18,5 процентке өсти. Соңғы 5 жылда жалпы өнимниң орташа жыллық өсиў пәти 103,5 процентти қурады.

    Бул ҳаққында Министрлер Кабинети жанындағы Макроэкономикалық ҳәм аймақлық изертлеўлер институты қәнигелериниң соңғы 5 жылдағы аўыл хожалығының раўажланыўы бойынша таллаўында келтирилген.

    Өзбекстанның аўыл хожалығы тараўы регионда жетекши орынды ийелеп келмекте: жалпы өним көлеми Қазақстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстанның көрсеткишлеринен жоқары болып, бул оның көлеми ҳәм стратегиялық әҳмийетин сәўлелендиреди.

    Жәҳән банки мағлыўматларына бола, Өзбекстанда аўыл хожалығында бәнт болған бир адамға туўра келетуғын қосымша қун дүньядағы орташа дәрежеден 4,4 есеге жоқары болып, бул аграр сектордың нәтийжелилиги ҳәм оның өнимдарлығы артып атырғанын көрсетеди.

    Мәмлекет халқының тез пәт пенен өсиўине қарамастан, халықтың жан басына салыстырғанда аўыл хожалығының тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў турақлы артып бармақта:

    Дәнли егинлер - 238,2 кг (5 жыл ишинде +7,6 процент)

    Картошка - 100,0 кг (+8,7 процент)

    Овошлар - 322,7 кг (+6,1 процент)

    Мийўе ҳәм жемислер - 88,0 кг (+7,4 процент)

    Жүзим - 49,1 кг (+2,9 процент)

    Палыз егинлери - 72,2 кг (+17,2 процент)

    Гөш - 79,2 кг (+7,5 процент)

    Сүт - 334,8 кг (+4,9 процент)

    Мәйек - 236,9 дана (+2,4%).

    Бул көрсеткишлердиң өсиўи тараў тез пәт пенен раўажланып атырғаны ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша ерисилип атырған табыстан дәрек береди.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech