Аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден ақылға уғрас пайдаланыў тәртиби белгиленди

    8 қаңтар 2025 506

    Ҳүкимет қарары (914-санлы, 30.12.2024-ж.) менен "Аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден ақылға уғрас пайдаланыў тәртиби ҳаққында"ғы реже тастыйықланды

    Реже аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден (соның ишинде, жайлаўлардан) ақылға уғрас пайдаланыў тәртибин белгилейди.

    Ол төмендегилерди нәзерде тутады:

    топырақтың өнимдарлығын сақлаў ҳәм арттырыў, алмасып егиўди суўдан пайдаланыў дәреклерин есапқа алған ҳалда шөлкемлестириў арқалы аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден ақылға уғрас пайдаланыў;

    топырақ өнимдарлығын сақлаў ҳәм арттырыў, суўдан пайдаланыў дәреклерин есапқа алған ҳалда жайлаўлардың алмасыўын жолға қойыў арқалы жайлаўлардан ақылға уғрас пайдаланыў;

    аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден ақылға уғрас пайдаланыў жағдайын баҳалаў ҳәм оның нәтийжеси бойынша жуўмақ қәлиплестириў.

    Жайлаўлардан ақылға уғрас пайдаланыў төмендеги илажларды өз ишине алады:

    жайлаўлардың алмасыўы ҳәм суўдан пайдаланыў дәреклерин есапқа алған ҳалда жайлаўлардан пайдаланыў;

    жайлаўларда шарўа малларын жайлаўда ең жоқары жол қойылатуғын пайдаланыў нормаларын белгилеў, жайлаўлар алмасыўын тәмийинлеў ҳәм жүргизиў тәртиби ҳаққындағы режеге муўапық улыўма жайлаў майданы бойынша анықланған ең жоқары жол қойылатуғын пайдаланыў нормасын тәмийинлеў;

    жайлаўлар алмасыўы режеси бойынша жайлаўлардан пайдаланыў;

    жайлаўлардың аўыл хожалығында пайдаланыўдан шығып кетиўиниң алдын алыў бойынша илажларды әмелге асырыў, соның ишинде, жерлердиң шөплер ҳәм пута түрли тереклер менен қапланыўына және турмыслық ҳәм өндирислик шығындылар менен патасланыўына жол қоймаў.


    No date selected
    January 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates