Қарар менен 2025-2026-жылларда Қарақалпақстан Республикасын турақлы социаллық-экономикалық раўажландырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери белгиленди, атап айтқанда:

  • жалпы аймақлық өним көлемин орташа 6-6,5 процентке жеткериў;
  • санаат өндирисиниң көлемин 5-6 процентке;
  • базар хызметлери көлемин 15-17 процентке жеткериледи.

Қарар менен Қарақалпақстан Республикасын 2035-жылға шекем раўажландырыў бойынша стратегия 5 жыллық толық бағдарлама тийкарында әмелге асырылады.

Бағдарламаны қаржыландырыў ушын нәтийжеге тийкарланған қаржыландырыў системасы (PforR) бойынша 150-200 миллион АҚШ доллары муғдарындағы сырт ел қаржылары тартылады.