Жоқары мәртебели мийман ҳүрметине еки мәмлекеттиң мәмлекетлик байрақлары көтерилди ҳәм ҳүрметли қараўыл сап тартты. Әскерий оркестр Өзбекстан ҳәм Қазақстан мәмлекетлик гимнлерин атқарды.

Президентлер Қасым-Жомарт Тоқаев ҳәм Шавкат Мирзиёев ҳүрметли қараўыл алдынан өтип, рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлады.

Сапардың тийкарғы илажлары 15-ноябрь күни болып өтеди.