"Өзбекстан темир жоллары" АЖның мәлим етиўинше, жоқары күшлениўли "Шерабад - 220 КВ" подстанциясында темир жол ушын өз алдына 4 ячейка қурылып, 50 километр аралықта жоқары күшлениўли ҳаўа электр тармағы тартылды ҳәм иске түсирилди.
Электр тәмийнатының 1-категорияға өткерилиўи нәтийжесинде тутыныўшылар (электровозлар) жетерли электр энергиясы менен тәмийинленди ҳәм темир жолда тоқтаўсыз поездлардың ҳәрекетлениўине ерисилди. Ҳәрекет қәўипсизлиги және де жақсыланып, жүк ҳәм жолаўшы поездлары анық кесте тийкарында ҳәрекетлене баслады.