Атап айтқанда, тәлим-тәрбия мәселеси тек ғана белгили тараў ийелериниң емес, ал пүткил бир халықтың итибарында. Оны жетилистирилип атырған стратегия жойбарын додалаўда кең жәмийетшиликтиң белсене қатнасып атырғанынан да билиў мүмкин. Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң орынбасары Азизбек Турдиевтиң атап өтиўинше, жойбар додалаўында ўатанласларымыз белсене қатнаспақта. Қуўанышлы тәрепи, муғаллимлердиң айлық мийнет ҳақысын арттырыў олардың категориясына қарап белгилениўи керек екенлиги, әпиўайы қәниге менен жоқары категориялы муғаллимниң мийнет ҳақысы арасындағы айырмашылықтың артыўы барлық муғаллимлерди өз үстинде тынымсыз ислеўге ийтермелейтуғыны сыяқлы итибардан шетте қалдырып болмайтуғын усыныслар билдирилмекте.

- Жаңа Өзбекстандағы реформалардың ең итибарға ылайық өзгешелиги мәмлекет, жәмийет, халық турмысына байланыслы мәселелер халық пенен биргеликте додаланып барылып атырғанында, - дейди А.Турдиев. - Соның ишинде, "Өзбекстан - 2030" стратегиясы халық пенен додалаў процесинде жетилистирилмекте. Барлық тараўлар қайта көрип шығылмақта, онда нәтийжелилик көрсеткишлери өсип барыў принципине тийкарланып атыр. Мине, усы процессте пүткил дүньяда билим ҳәм инновацияларға тийкарланған бәсеки орталығында санлы технологиялар (жасалма интеллект, киберқәўипсизлик, мағлыўматларды басқарыў тараўлары) раўажланып атырғанын көрип атырмыз. Билимлендириўде де мине усы тенденцияларды есапқа алған ҳалда стратегияда қәнигелеримиз бенен биргеликте жаңадан-жаңа шеклерди, жаңа ўазыйпаларды алдымызға белгилеп атырмыз.

Инсан капиталының қәлиплесиўи мектепке шекемги билимлендириўден басланады. Соның ушын бүгин балалар бақшаларының санын көбейтиўге айрықша итибар қаратылмақта.

Тараўға айрықша қатнас нәтийжесинде мәмлекетимизде реформалар басланған дәўирде мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў 27 процент болған болса, бүгин 78 процентке шамаласты. Бул айтыўға ғана аңсат. Себеби буның артында қаншадан-қанша реформа, қаншадан-қанша мийнет турғанын ҳәмме жақсы түсинип, сезинип турыпты. Стратегияда бул санларды және де арттырыў, 2030-жылға барып барлық балаларды бақшаға толық қамтып алыў мәселеси ўазыйпа сыпатында киргизилмекте. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетлик бақшалар 7 мыңнан артқан болса, жеке меншик сектор (шаңарақлық бақшалар менен бирге) 30 мыңға шамаласты.

Тек санлар емес, олар менен биргеликте мектепке шекемги билимлендириўдеги, тәрбиядағы сапа да артып баратуғыны есапқа алынбақта. Бүгинги күнниң өзинде балаларымыз мәжбүрий мектепке таярлаў курсларына 98 процент қамтып алынған ҳалда бул көрсеткиш кейинги жылларда және де артып барыўы мақсет етилген.

Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў, гигиена қураллары, улыўма санитариялық қағыйдалар тийкарында қайта көрип шығыў мәселелери де стратегияда өз көринисин тапқан. Себеби қолайлы шараят болмаса, нәтийжеге ерисиў қыйын.

Мектеп билимлендириўи системасында басланған реформалар болса нәтийжелилиги артқан ҳалда избе-из даўам етеди. Бул нелерде көзге тасланады? Бәринен бурын, педагоглардың потенциалында. Себеби, билимлендириўдиң сапасы педагоглардың потенциалына байланыслы. Соның ушын, 2030-жылға шекем 500 мың педагогтың маманлығын арттырыў режелестирилмекте. Сондай-ақ, Сингапур тәжирийбесине сүйенип, оқытыўшылардың кәсиплик раўажланыўын үзликсиз системаға айландырыў нәзерде тутылған.

Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплердеги баҳалаў системасын мәмлекетимиздеги барлық мектеплерге енгизиў де нәзерде тутылған. Мақсет - субъектив баҳалаўдан ўаз кешип, оқыўшының билим ҳәм көнликпесин қалыс баҳалаўға жәрдем бериў. Сонлықтан, PISA ҳәм басқа халықаралық изертлеўлер соны көрсетеди, оқыўшылар текстти оқып, оннан жуўмақ шығарыўда қыйналады. Жаңа баҳалаў системасы болса усы кемшиликлерди сапластырыўға қаратылған. Қалаберди, дәслеп бул тәжирийбе 500 мектепте басланғанында, оқыўшылардың өзлестириўи жақсыланған. Бүгинги күнде 3400 мектеп жаңа баҳалаў системасына өткен ҳәм оқыўшылардың өзлестириў дәрежеси 53 проценттен 72 процентке артқаны да тәжирийбе өзин ақлап атырғанын көрсетеди.

Улыўма билим бериў мектеплерине шет тили қәнигелери тартылмақта. Ҳәзирги ўақытта олардың саны 1,5 мыңнан артқан болса, 2030-жылға барып ҳәр жылы 1000 шет тил ийелерин алып келиў мақсет етилмекте. Себеби, таллаўлар тил ийелериниң келиўи есабынан мектеп оқыўшыларының шет тили сертификатына ийе болыў дәрежеси 5 есеге артып, 53 мыңға жеткенин көрсетпекте.

Жаңаланып атырған стратегияда мектеп билимлендириўинде де жеке меншик секторға айрықша итибар қаратылмақта. Ҳәзирги күнде 700 ден аслам жеке меншик мектеп жумыс алып бармақта. 2030-жылға шекем оқыўшылардың 10 процентин жеке меншик секторға тартыў мәселеси көрип шығылып, оның ушын мәмлекетлик бюджеттен 1 триллион сум ажыратылмақта.

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстандағы 11 мыңға шамалас мектепте 6,7 миллион оқыўшы билим алмақта. Барлық аймақта шараят бирдей емес, оқыўшылардың мектепке қатнаўы менен байланыслы машқалалары бар аўыллар бар. Соннан келип шығып, алыс ҳәм шетки аймақлардағы мектеплер ушын 2030-жылға шекем және 175 автобус жеткерип бериў режелестирилген. Мектеп ҳәм бақшаларды толық таза ишимлик суўы ҳәм заманагөй санитариялық-гигиеналық шараятлар менен тәмийинлеў тийкарғы ўазыйпа.

Жаңа әўлад сабақлықларын жаратыў ҳәм 1000 мультимедиа өнимин ислеп шығыў нәзерде тутылғаны, улыўма, жоқарыдағы ўазыйпалардың орынланыўынан мақсет билимлендириўдиң сапасын арттырыў болып табылады.

Реформалардың табысы жәмийеттиң белсендилигине байланыслы. Жәмийетшиликтиң қадағалаўы ҳәм усыныслары есапқа алынған ҳалда билимлендириў системасы да жылдан-жылға жетилисип, раўажланып барады, деп ойлаймыз.

Муножат МУМИНОВА,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы