Ол Ферғана тынышлық форумының биринши мәжилисинде шығып сөйлеп, регионаллық қарым-қатнастың әҳмийетине тоқтап өтип, Орайлық Азия қыйын мәселелерди тыныш жол менен шешиўде үлги болып атырғанын атап өтти.
- Әсиресе, үш мәмлекет арасындағы тарийхый қарама-қарсылықлар шараятында Ферғана ойпатлығында жүз берип атырған унамлы ҳәм конструктивлик өзгерислерден оғада тәсирленгенмен, - деди Э.Стипрайс форум қатнасыўшыларына мүрәжат етип.
Оның атап өтиўинше, регион экономикалық потенциалы, мәдений көптүрлилиги, жедел ҳәм миймандос халқы жоқары аймақ болып қалмақта. Дипломат шегара мәселелерин шешиўге айрықша итибар қаратты, оның сөзлерине бола, бул мәмлекетлер арасындағы исенимди беккемлеў жолындағы әҳмийетли қәдем болды.
Бул барлық мәпдар тәреплердиң регионаллық турақлылық ҳәм өз-ара исенимди беккемлеў бағдарындағы умтылысларының айқын дәлили", - деп атап өтти ЕА ўәкили.
Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили өзиниң шығып сөйлеген сөзиниң жуўмағында Ферғана тынышлық форумы регионаллық машқалаларды додалаў ҳәм бирге ислесиўди беккемлеў ушын нәтийжели майданға айланатуғынына исеним билдирди.
- Форум улыўма көзқарасларды ислеп шығыў ҳәм келиспеўшиликлерди тыныш жол менен шешиўге садықлықты көрсетиў имканиятын береди, - деди Стипрайс.
Форум Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты, БМШтың Орайлық Азия ушын превентив дипломатия бойынша регионаллық орайы, ЕҚБШ, ЕА, сондай-ақ, бир қатар халықаралық ҳәм миллий шериклер менен биргеликте шөлкемлестирилди.
Форум жумысында ҒМДА, Азия, Европа ҳәм Америка мәмлекетлериниң жетекши "ақыл орайлары"ның экспертлери, сондай-ақ, Орайлық Азия мәмлекетлериниң пуқаралық жәмийети, бизнес, академиялық топарлардың ўәкиллери ҳәм жаслар белсендилери қатнасты.







