Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Россия арасында саўда, санаат, энергетика, транспорт ҳәм аўыл хожалығы тараўларында әмелдеги келисимлердиң орынланыўының бүгинги жағдайы ҳәр тәреплеме көрип шығылып, әмелге асырыў процесин жеделлестириў бойынша гезектеги қәдемлер белгилеп алынды.
Атап айтқанда, усы жылдың 10 айында еки мәмлекет арасындағы товар алмасыў көлеми 20 процентке өсип, 9,7 миллиард долларды қурады. Өзбекстанлы ислеп шығарыўшылардан жеткерип берилип атырған өнимлер дизими 68 жаңа позицияға көбейди.
Тәреплер тийкарғы мақсети еки мәмлекеттиң өз-ара саўда көрсеткишлерин 30 миллиард долларға жеткериў болған Өзбекстан Республикасы менен Россия Федерациясы арасындағы товар алмасыў көлемин арттырыў бойынша 2024-2030-жылларға мөлшерленген Биргеликтеги ҳәрекетлер режесиниң әмелге асырылыўын ҳәр тәреплеме көрип шықты. Усы жерде комплексли илажлар ислеп шығыў, соның ишинде, санаат өндириси, транспорт ҳәм агросанаат тараўларындағы бирге ислесиўди раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Ушырасыў жуўмақлары бойынша тәреплер көп тәреплеме өз-ара қатнасықларды буннан былай да раўажландырыўға таяр екенин билдирди ҳәм Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы арасындағы экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилисин усы жылдың ақырына шекем Москва қаласында өткериў мүддетлерин келисип алды, деп хабар береди Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң баспа сөз хызмети.