Октябрде Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли кеңеслер депутатлығына өткерилген сайлаў мәмлекетимиздеги кең көлемли ҳәм жедел реформалар халық пенен пикирлесиў принципине үнлес екенин көрсетиў менен бирге, жуўапкерлер хызметкерлердиң нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўға хызмет етти.
Елимиздеги кең көлемли реформалар, өзгерислер ҳәм жаңа жойбарлар, бәринен бурын, инсан қәдирин улығлаў, халқымызды разы етиў, халықтың социаллық қорғалыўын күшейтиўге қаратылып атырғаны пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болмақта. Бул бағдардағы жаңаланыўлардың тийкарын жас әўладтың тәлим-тәрбиясына деген итибар қурайды. Өйткени, Президентимиздиң ҳәр бир шығып сөйлеген сөзинде атап өтилгениндей, бүгин ең үлкен инвестиция сыпатында көрилип атырған билимлендириўдиң сапасын арттырыў жаңа Өзбекстанды раўажландырыўдың бирден-бир дурыс жолы болып есапланады. Мәжилисте жасларымыздың санасына миллий мақтаныш пенен бирге улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет сезимин жетилистириў мақсетинде жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты жетилистириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Жаңа Өзбекстанды жаратыў тийкарында күшли идеология турады. Бүгин бул түсиник реал ўақыяға айланбақта. Себеби, жаңа идеологияға нәзер тасласақ, оның илимийлиги, системалылығы, турмыслылығы ҳәм нәтийжелилигине исеним пайда етемиз.
Мәмлекетимиз басшысы "Бизиң еки оқ тамырымыз, еки таяныш сүйенишимиз бар: бири - экономика, бири - мәнаўият. Руўхый уллы халық - экономикалық жақтан да уллы болады", деп атап өтти. Экономиканы система тәризде талласақ, бул еки ири суперсистема жәмийет ҳәм тәбият кесиминде жүзеге келген. Буннан келип шығып айтыў мүмкин, экономикалық система бир тәрептен жәмийет, екинши тәрептен тәбияттың бир бөлеги. Усы мәнисте ҳәр бир бәркамал шахсқа жәмийеттиң бир ағзасы, пуқарасы сыпатында қарағанда, оның мүнәсибети ҳәм ҳәрекети анализленеди. Бәринен бурын, бул жерде инсан азықлар, хызметлер, руўхый, мәдений товар ҳәм мәлимлеме тутыныўшысы сыпатында үйрениледи. Бундай көз қараста оның жақсылық ҳәм адамгершилик пазыйлетлери үстин болады, жәмийеттеги ўақыя-ҳәдийселер ҳәм процеслерге мүнәсибети, қатнасы, пикир ҳәм тәрбиялық дәрежеси үлкен әҳмийетке ийе болады. Экономика ҳәм мәнаўият арасында избе-излик жоқ, бирақ өз ара байланыслылық, яғный еки тәреплеме байланыс бар. Бул илимий тилде өз ара корреляция деп аталады.
Демек, мәнаўият ҳәм экономиканы қустың еки қанаты десек болады ҳәм оларды бир-биринен ажыратып талқылаў қыйын. Илимпазлар эконометриялық модель ҳәм усыллар арқалы мәмлекетлер экономикасына тәсир етиўши факторларды, соның ишинде, мәнаўияттың оған тәсирин анықлаған. Олардан тийкарғыларын таңлап, экономикалық өсиўге компьютер программалары жәрдеминде шешим табыў бойынша изертлеў өткеретуғын орайлар дүньяда жүдә көп. Биз жаңа мәнаўият методологиясын жаратыўда мине усындай тәжирийбелерди де үйренип шығыўымыз, жойбарларымыз бенен елимиздиң экономикалық раўажланыўына үлес қосыўымыз керек.
Президентимиз жаңа Өзбекстанның келешектеги соңғы мақсети жасларды заманагөй билим ҳәм көзқарас, дәраматлы кәсип ийелери етип тәрбиялаў, илим, мәлимлеме технологиялары, руўхыйлық, көркем өнер ҳәм әдебият, спорт пенен танысыў ҳәм буның ушын ҳеш нәрсени аямастан, бар күш ҳәм имканиятлар жумсалыўын атап өтип, "Бүгин тек ғана мине усындай алдынғы жасларға, мине усындай жанкүйер зыялыларға, Ўатан раўажланыўы жолында бирлескен халыққа ийе болған мәмлекет ғана өзиниң миллий мәплерин тәмийинлеўге ерисе алады", деп атап өтти.
Бүгин жаслардың илимий ҳәм дөретиўшилик потенциалын арттырыў, интеллектуаллығын көрсетиўи, аналитикалық пикирлеўи, қәбилетин ҳәм социаллық бейимлесиўи ушын зәрүр шараят жаратыў бойынша салмақлы жумыслар исленбекте. Дүнья тәжирийбесинде илимий изертлеўлер, мәлимлеме технологиялары, стартап идеялар, компьютер саўатлылығына оғада үлкен итибар қаратылады. Биз де илим жетискенликлери ҳәм жаңа технологиялар арқалы экономикалық өсиўге ерисемиз. Экономикалық турақлылық руўхыйлық раўажланыўына ҳәм, өз гезегинде, жаңа руўхыйлық турақлылықты тәмийинлеўге хызмет етеди. Олар бир-бирине байланыслы. Демек, экономика жәмийет денесиниң қаны екен, оның нормада айланыўы ямаса өсиў пәти күшли мәденияттың қәлиплесиўине хызмет етеди. Тап сондай-ақ жәмийет денесиниң руўхы тетик ҳәм саламат болса, экономика турақлы раўажланады. Тек ғана усы процесслерди үйренетуғын илимий методология жаратылыўы, компьютерлерде "қан" қурамын таллаўшы ҳәм жәмийеттиң "жаны ҳәм руўхы"н кардиограмма жасайтуғын усыллар жаратылыўы зәрүр. Онда мәнаўияттың экономикаға қаншелли хызмет етип атырғаны ҳәм керисинше, экономиканың инсанлардың ойлаўы, санасы ҳәм мәдениятына тәсирин системалы муғдарда анықлаў имканияты жаратылады, денеге "диагноз" қойыў ҳәм оларға киргизилип атырған инвестиция нәтийжелилиги өлшенеди. Бул болса ҳәр қыйлы қәнигелерден ибарат изертлеў топарларының жумыс алып барыўын талап етеди.
Өтип атырған ҳәр бир дәўир өзиниң жуўмағын береди. Усы мәнисте кейинги жыллардың тәжирийбеси ҳәр бир жылымыз үлкен бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырыў, мәмлекет ҳәм жәмийетти буннан былай да раўажландырыў бағдарындағы билим ҳәм тәжирийбемизди байытыў бағдарында жаңа басқыш, раўажланыў дәўири сыпатында тарийхқа мөрленбекте. Бул, әлбетте, унамлы жағдай.
Мәмлекетимиз басшысы бүгин дүньяның сиясий ҳәм экономикалық көриниси кескин өзгерип атырғаны, бундай жағдайда жәҳән сахнасында өз орнын сақлап қалыў ушын қандай ҳәрекет етиўимиз керек екенлиги мәселесине айрықша тоқтап өтти: "Елимиздиң қәўипсизлиги, елимиздиң қорғаныўы тек ғана Қураллы Күшлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының емес, ал Өзбекстанды өзи ушын ана Ўатан деп билетуғын, миллети, тили ҳәм динине қарамастан барлық инсанлардың муқаддес ўазыйпасы екенин ҳеш қашан умытпаўымыз зәрүр". Мине, усындай жағдайда қайсы күшке сүйениўимиз керек екенлиги де атап өтилди. Оның ушын бирден-бир Ўатан, көп миллетли бирден-бир татыў шаңарақ сезими ҳәр биримиздиң қәлбимизде, жүрегимизде терең орын ийелеўи керек. Бул - күшли ерк-ықрар, бирлик ҳәм аўызбиршилик, тынымсыз мийнет, дегени. Мине усы жеңилмес күшлер менен ғана тынышлықты ҳәм раўажланыўды тәмийинлей аламыз.
Бүгин турмыстың ҳәр бир тараўында жедел даўам етип атырған жаңалық ҳәм дөретиўшилик жумыслардың нәтийжеси халқымыздың турмысында өз көринисин табыўы менен бирге абырайлы халықаралық рейтинг ҳәм индекслер көрсеткишинде де жоқары орында атап өтилмекте. Не ушын халықаралық рейтинг ҳәм индекслерде атап өтилген нәтийжелерге айрықша итибар қаратпақтамыз? Себеби, бундай көрсеткишлер ҳәр бир мәмлекеттиң раўажланыў процесин өзинде көрсетеди. Олар халықтың турмыс дәрежеси, турақлы экономикалық өсиў сыяқлы әҳмийетли тәреплердиң айнасы болып есапланады. Президентимиз усы жыл 19-ноябрь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының биринши жалпы мәжилисинде де бул мәселеге айрықша итибар қаратты. Кең көлемли демократиялық реформалар себепли Өзбекстанның халық аралық рейтинглердеги орны жақсыланып баратырғаны атап өтилди. Нәтийжелер ҳақыйқатында да ҳәр биримиздиң кеўлимизге қанаатланыўшылық бағышлайды. Себеби, мәмлекетимиз рейтинги нызам үстинлиги бойынша 8, электрон ҳүкимет бойынша 18, экономикалық еркинлик бойынша 49, логистика ҳәм инновация бойынша 10 басқышқа жоқарыға көтерилгени киши нәтийже емес. Әлбетте, бундай көрсеткишлер өз-өзинен қолға киргизилмейди. Бул анық белгиленген стратегия, нызам үстинлигине тийкарланған пуқаралық жәмийет ҳәм ең тийкарғысы, ертеңги күнге исеним менен жасайтуғын халықтың тилеклеслиги нәтийжеси болып есапланады.
Ҳәр бир мәмлекет қандай сиясий ҳәм жәмийетлик ҳәрекетлерди әмелиятқа енгизиўинен бийғәрез, барлық мақсети халық мәпине - халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, жетекши мәмлекетлер қатарынан орын алыўға қаратылады. Халықтың турмыс дәрежесиниң жақсыланыўы тиккелей өндирис ҳәм хызмет көрсетиў тараўларының нәтийжелилиги, илимий-техникалық раўажланыў, халықтың мәдений-ағартыўшылық дәрежеси ҳәм қурамы менен бир қатарда ҳүкимет қабыл ететуғын илажлар ҳәм әмелий ҳәрекетлердиң нәтийжеси менен байланыслы. Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы атап өткен санлар пикиримиздиң дәлили: "Барлық имканиятларды иске қосқанымыз себепли усы жылдың өзинде жалпы ишки өнимимиздиң көлеми 110 миллиард долларға жетиўи күтилмекте". Бундай ҳәрекетлер физикалық, руўхый ҳәм социаллық мүтәжликлердиң раўажланыў дәрежеси, халықтың абаданлығы ушын жаратылған имканиятларды сәўлелендиреди. Мәмлекетимиз барлық тараўда салмақлы жетискенликлерди қолға киргизбекте. Әҳмийетлиси, табысларымыз даўам етпекте. Әлбетте, бул нәтийжелер тийкарында узақты гөзлеген кең көлемли реформалар, халқымыздың пидәкерлик мийнети жатыр. Усы мақсетте кәмбағал шаңарақларға тийисли балалар мектеплерде шет тили, кәсип-өнер ҳәм IТ бойынша бийпул билим алыўы ушын 500 миллиард сум ажыратылыўы режелестирилди. Социаллық жағдайы аўыр мың мәҳәлледе инфраструктураны жақсылаў бағдарламасы әмелге асырылады. Оған 2 триллион сум қаратылады. Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыўға жәми 46,5 триллион сум қаржы жумсалады.
Негизинде бул бағдардағы ийгиликли жумыслардың ҳуқықый тийкары жаңа редакциядағы Конституциямызда белгилеп қойылған. Бийпул улыўма орта билимлендириў, сондай-ақ, таңлаў тийкарында мәмлекетлик билимлендириў шөлкемлеринде бийпул жоқары билим алыў ҳуқықы беккемленген, айрықша мүтәжликлери ҳәм индивидуал имканиятлары болған балалар ушын инклюзив тәлим-тәрбияны шөлкемлестириў жаңа Өзбекстанның социаллық мәмлекет сыпатындағы миннетлемеси сыпатында атап өтилген. Соның менен бирге, мәмлекет қәбилетли жаслардың материаллық жағдайына қарамастан, билим алыўды даўам еттириўди кепиллеў, билимлендириў мәкемелери ҳәм шөлкемлериниң жеке меншик ҳәм басқа да түрлерин раўажландырыў ушын тең шараят жаратыў нәзерде тутылған. Көрилип атырған илажларды сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў, елимиздиң унамлы имиджин беккемлеў ҳәм әйне мәдениятымыз, көркем өнеримиз арқалы жас әўладты ҳақыйқый ўатансүйиўши инсанлар етип тәрбиялаў тийкарғы ўазыйпамыз болып табылады.
Президентимиздиң бизге билдирген исенимин ақлап, барлық тараўдың раўажланыўын жоқары шеклерге алып шығыўда жаратылған имканиятлардан орынлы пайдаланамыз.
Мүрәжатта раўажланыўымыздың жаңа басқышындағы режелер белгилеп берилди. Биз - депутатлар онда келтирилген барлық ўазыйпаларды әмелге асырыў, алға қойылған идея ҳәм басламаларды турмысқа избе-из енгизиўге таярмыз. Оған потенциалымыз да, қәбилетимиз де жетерли. Мүрәжатты және бир мәрте терең үйренип, зәрүр илажларды белгилеп алған ҳалда уллы ўазыйпалар, бағдарлар менен тапсырмаларды әмелге асырыўға үлес қосамыз.
Шуҳрат СИРОЖИДДИНОВ,
Алишер Наўайы атындағы
Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты
университети ректоры, академик,
Ташкент қалалық кеңеси депутаты