Қарарға бола, 2026-жыл 1-июльден баслап жасларды мәмлекетлик хызметке қабыл етиў процесслеринде бирден-бир қатнасты тәмийинлеў бойынша төмендеги тәртиплер енгизиледи:

сәўбетлесиў басқышында берилетуғын сораўлар (тапсырмалар) мәмлекетлик уйымның рәсмий веб-сайтында кеминде 1 ай алдын жәрияланады, талабанларға буннан 1 ай алдын жәрияланбаған сораўларды бериў қадаған етиледи;

ишки таңлаўлар өткерилмейтуғын ҳәм таңлаўларды өткериўде талабанларға улыўма ямаса арнаўлы жумыс стажына талап қойылмайтуғын лаўазымлардың дизими, сондай-ақ, таңлаўларды өткериўде талабанларға 2 жылдан көп болмаған улыўма ямаса арнаўлы жумыс стажына талап қойылатуғын лаўазымлардың дизими белгиленбекте.

Сондай-ақ, мийнет базарында талап жоқары болған кәсиплер ҳәм заманагөй кәсиплер реестри (Реестр) қәлиплестирилмекте.

Реестрге киргизилген кәсиплерге оқыған жаслардың кәсиплик шеберлигин баҳалаў бойынша миллий сертификатлаў системасы енгизиледи.

Заманагөй кәсиплер бойынша миллий сертификат алған төмендеги категориядағы жаслардың қәрежетлери "Жаслар дәптери" қорының қаржылары есабынан қаплап бериледи:

Мәмлекет тәмийнатындағы ҳәм Социаллық реестрге киргизилген шаңарақлардың перзентлерине - оқыў ҳәм имтиханлар қәрежетлери;

"кәмбағаллық шегиндеги шаңарақ" категориясына киргизилген шаңарақлардың перзентлерине - имтихан тапсырыў қәрежетлери.