Ең әҳмийетлиси, миллет саламатлығы ҳәм мәмлекеттиң дүнья жәмийетшилигиндеги абырайының артыўы менен байланыслы бул процессте аймақларда спорт мектеплериниң санын көбейтиў, қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, жаңа жойбар ҳәм бағдарламаларды турмысқа енгизиў мәселелери де айрықша итибарда. Мақсет - денетәрбия ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланыўшылардың санын көбейтиў, халықтың физикалық белсендилигин арттырыў, Өзбекстан сайланды командаларының Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынлары, жәҳән ҳәм континент чемпионатларында табыслы қатнасыўын тәмийинлеў. Сондай-ақ, тренерлерди таярлаў, мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў арқалы тараўда саламат бәсеки орталығын қәлиплестириў тийкарғы ўазыйпалардан есапланады. Бул мақсетлер "Өзбекстан - 2030" стратегиясында да өз көринисин тапқан.
Оған бола, денетәрбия ҳәм спорт пенен шуғылланатуғын жаслардың қамтып алыныўын кеңейтиў, ғалабалық спорт илажларын шөлкемлестириў арқалы жаслардың қамтып алыныўын 8 миллионнан арттырыў, спорт пенен шуғылланыўға тартылған халықтың үлесин 36 процентке жеткериў белгиленген.
Соның менен бирге, кеминде 5 мың мәҳәлледе спорт майданшаларын шөлкемлестириў, спорт билимлендириў мәкемелеринде турақлы шуғылланатуғын жаслардың санын 1 миллионға, спорт тараўында жоқары мағлыўматлы хызметкерлердиң үлесин 85 процентке жеткериў тийкарғы ўазыйпалар қатарына киреди.
Өзбекстан Президенти, Миллий Олимпиада комитетиниң баслығы Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 13-февраль күни олимпиада ҳәм паралимпия ҳәрекети, қәнигелестирилген ҳәм ғалабалық спортты жаңа басқышқа алып шығыў және халықтың физикалық белсендилигин арттырыў илажлары бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде де бул бағдарда жаңа ўазыйпалар белгиленди. Атап айтқанда, 2028-жылғы Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларына таярлықты күшейтиў, ғалабалық спортты жаңа басқышқа алып шығыў мәселелрине айрықша итибар қааратылды.
Мәмлекетимиз басшысы спорттың жәмийетте саламат турмыс тәризин енгизиў, турмыс сапасын жақсылаў бағдарындағы орнын айрықша атап өтти.
Адҳам ИКРОМОВ, спорт министри:
Мәжилисте атап өтилгениндей, спорт тараўын тек ғана ойын ямаса жарыслар емес, миллет генофонды, мәмлекеттиң қүдирети ҳәм абырайын пүткил дүньяға танытатуғын ең тәсиршең қурал, ең тийкарғы ўазыйпа, деп билиўимиз керек. Соның ушын, Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларына таярлық бойынша бундай үлкен мәжилис өткерилди.
Тийкарғы итибар 2028-жылы Лос-Анжелесте болып өтетуғын Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларына таярлық процесслерин күшейтиў, ғалабалық спортты жаңа басқышқа алып шығыў мәселелерине қаратылды. Бул бағдарларда жол қойылған кемшиликлер де тийкарлы сынға алынды.
Соның менен бирге, мәмлекетимиз басшысы бул бағдарда бир қатар басламаларды алға қойды. Бәринен бурын, олимпиада ҳәм паралимпия ҳәрекетин раўажландырыў, селекция системасын жақсылаў мақсетинде Миллий олимпиада комитетиниң аймақлық бөлимлери шөлкемлестирилетуғын болды. Олар ҳәр бир федерация менен биргеликте Олимпиада ойынларына таярлық дәўири бойынша стратегия ислеп шығады. Оның ушын зәрүр шараят ҳәм инфраструктураға 300 миллиард сум қаратылады. Миллий Олимпиада комитетиниң баслығы Президент болғанындай, аймақлық бөлимлерге ўәлаят ҳәкимлери басшылық етеди.
Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы және бир әҳмийетли мәселеге итибар қаратты. Бул талантлы спортшыларды табыў, таңлап алыў ҳәм таярлаў процесине санластырыўды кеңнен енгизиў. Бул, өз гезегинде, қәбилетли жасларды жүзеге шығарыўда үлкен әҳмийетке ийе.
Енди аймақлардағы 310 спорт мектеби миллий сайланды командалардың селекция базасы болады. Олардың 56 сы Олимпиада спорт түрлерине қәнигелестириледи. Бул пүткиллей жаңа система. Нәтийжеде жылына еки мәрте аймақларда Олимпиада спорт түрлери бойынша "Жаңа Өзбекстан Олимпиада шыңлары" жарыслары системасы жолға қойылады. Олардың ўәлаят басқышының жеңимпазлары ҳәр жылы декабрьде Олимпия қалашасында өткерилетуғын "Президент олимпиадасы"нда қатнасады.
Сондай-ақ, мәжилисте ғалабалық спортты раўажландырыў ҳәм саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды. Өткен жылы жарысларда жаслардың қамтып алыўы 10 миллионға жеткен. Бирақ үлкен жастағы инсанлардың спортқа қатнасыўы аз. Сонлықтан, енди мәҳәллелерде ғалабалық физикалық белсендилик илажлары өткериледи, бул бойынша рейтинг жүргизиледи. Жыл жуўмағы менен ең белсенди шаңарақларға шынығыў үскенеси бериледи, ең жақсы мәҳәллелерде спорт майданшалары қурылады.
Қоңыратбай ШАРИПОВ, жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри:
Мәжилисте Президентимиз тәрепинен бүгин елимизде 700 мыңнан аслам студент бар екенлиги атап өтилип, олардың арасында спортқа қызығыўшылықты күшейтиў, қамтып алыўды арттырыў әҳмийетли екенлиги көрсетип өтилди ҳәм министрликке бир қатар ўазыйпалар жүкленди.
Биринши гезекте, жасларымызда саламат турмыс тәризин қәлиплестириўде профессор-оқытыўшылардың потенциалынан кеңнен пайдаланыў мәселеси. Ҳәзирги ўақытта денетәрбия тараўында сабақ беретуғын муғаллимлер спорт мектеплерине тартылады ҳәм дуал билимлендириў тийкарында сабақлар шөлкемлестириледи. Келешекте жаңа чемпионларды таярлаў ушын жаңа методикалардан пайдаланылады.
Реформалардың дәслепки күнлеринен-ақ денетәрбия ҳәм спорттың раўажланыўына үлкен итибар қаратылып атырғанын атап өтиў керек. Кейинги төрт жылда бюджеттен спортқа ажыратылып атырған қаржы 1,5 триллион сумнан 3 триллион сумға артты. Тренерлердиң орташа айлығы 2 есеге көбейди. 101 ири спорт объекти қурылды, 67 си реконструкцияланды. Спортшыларымыздың Париж Олимпиадасында ерискен жетискенликлери бул реформалардың айқын нәтийжеси болды.
Ең тийкарғысы, бул нәтийжелер, жасларымыз, ата-аналардың спортқа мүнәсибетин түп-тийкарынан өзгертип жиберди. Көп жасларымызда мен чемпион боламан, деген күш-ғайрат пайда болды.
Енди ҳәр бир жоқары билимлендириў мәкемеси Олимпиада спорт түрлериниң кеминде үш түри бойынша спортшылар таярлайды. Онда еки жоқары билимлендириў мәкемеси, Ташкент мәмлекетлик экономика университети ҳәм Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университети үлги сыпатында алынады. Бул билимлендириў мәкемелеринде чемпионларды таярлаў, ғалабалық спортты үгит-нәсиятлаў, студент жаслар арасында спорт жарысларын шөлкемлестириў бойынша үлги бағдарлама ислеп шығылады.
Буннан кейин жоқары билимлендириў мәкемелери, ҳәкимликлер, Спорт министрлиги ҳәм мәҳәллелер менен тығыз бирге ислесиўде халықтың барлық қатламы арасында саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў, физикалық белсендиликти үгит-нәсиятлаўды ҳәр бир шаңараққа алып кириў бойынша анық илажлар ислеп шығылып, әмелге асырылады.
Үмитли студент-спортшыларымыз халықаралық спорт жарысларында мүнәсип қатнасып, Өзбекстан атын дүньяға танытыўда, мәмлекет байрағын бәлент көтериўде мүнәсип үлес қосады, деп исенемен.
Лутфулла СУВОНОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы