Халқымыздың үлкен руўхый мийрасы бар. Бүгинги күнде адамлардың интеллектуал, эстетикалық ҳәм мәдений талаплары турақлы артып бармақта. Сол себепли мәденият тараўында басқарыў ҳәм қаржыландырыўды жетилистириў, бул бағдарда алдынғы сырт ел тәжирийбесин енгизиў нәзерде тутылмақта.
Атап айтқанда, мәденият орайларында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жолға қойылып, дөретиўшилик қолланбаларды хошаметлеўши стартап жойбарлар әмелге асырылады. Жасларда ўатансүйиўшилик сезимин күшейтетуғын, Өзбекстан брендин жарататуғын тарийхый, илимий ҳәм анимациялық миллий өнимлер қоллап-қуўатланады.
Мәмлекетимиз басшысы тараўда алдынғы сырт ел тәжирийбесин басқышпа-басқыш енгизиў бойынша көрсетпе берди.
Бизге белгили, Өзбекстан Президентиниң қарары менен Батыр Закиров атындағы Миллий эстрада көркем өнери институты шөлкемлестирилген еди. Енди көркем өнер ғайраткериниң мемориал музейин шөлкемлестириў, Батыр Закиров атындағы стипендияны енгизиў, халықаралық эстрада таңлаўын өткериў режелестирилген. Институттың бакалавриат басқышын тамамлаған ең белсенди питкериўшилер сырт елге магистратурада оқыўға жибериледи ҳәм қәбилетли студентлердиң абырайлы халықаралық таңлаўларда қатнасыўы қоллап-қуўатланады.
Мәмлекетимиз басшысы Әндижан ўәлаятына сапары ўақтында халық артисти Шерали Жўраевтың естелигин мәңгилестириў басламасын билдирген еди. Соған муўапық, Әндижан қаласындағы көркем өнер мектеби негизинде дөретиўши атындағы музыка ҳәм көркем өнер жоқары мектеби шөлкемлестириледи. Шерали Жўраев атындағы миллий қосықшылық телетаңлаўы ҳәр жылы өткериледи.
Жоқары мектепте илимий-дөретиўшилик лаборатория дүзилип, Шерали Жўраев қосықларының "алтын фонды" жаратылады. Заманагөй даўыс жазыў ҳәм сүўретке алыў студиясы шөлкемлестирилип, талантлы жас дөретиўшилер оннан жеңиллетилген түрде пайдаланыўы мүмкин болады.
Ҳәзир елимизде Өзбекстан мәмлекетлик симфониялық оркестри және филармония қурамында 8 профессионал оркестр жумыс алып бармақта. Бирақ олар тек ғана Ташкент қаласында, республика дәрежесиндеги илажларда қатнасады.
Сол себепли бундай оркестрлерди орынларда да басқышпа-басқыш шөлкемлестириў режелестирилген. Соның ишинде, Ферғана ўәлаятында симфониялық оркестр ҳәм миллий саз-әсбаплар оркестри дүзиледи. Олар зәрүр музыка әсбаплары, даўыс күшейтиў ҳәм жақтыландырыў үскенелери,
сахна липаслары ҳәм басқа да үскенелер менен тәмийинленеди.
Мәмлекетимиз басшысы миллий ҳәм жәҳән көркем өнериниң сайланды дөретпелерин халыққа терең жеткериў, район ҳәм қалаларға гастроль сапарларын шөлкемлестириў зәрүрлигин атап өтти.
Мәденияты бай ҳәм рәңбәрең елимизде креатив экономика раўажланыўы ушын оғада кең имканиятлар бар. Бүгинги күнде бул тараўда 14 мың кәрхана жумыс алып бармақта, оларда дерлик 100 мың адам ислемекте. Келеси 5 жылда креатив экономика көлемин 2 есеге көбейтиў, жалпы ишки өнимдеги үлесин 5 процентке жеткериў мақсет етилген.
Өткен жылы бул бағдарда нызам қабыл етилди. Ташкентте Креатив экономика бойынша төртинши пүткил жер жүзилик конференция өткерилди. ЮНЕСКО, ЮНКТАД, Жәҳән интеллектуаллық мүлк шөлкеми сыяқлы халықаралық структуралар, Франция, Италия, Индонезия, Саудия Арабстаны, Қатар сыяқлы мәмлекетлер менен кеңнен бирге ислесиў жолға қойылды.
Креатив индустрияның ең үлкен тараўларынан бири - өнерментшилик. Жылдың өткен дәўиринде бундай өнимлердиң экспорты 6,5 миллион долларды қурады.
Презентацияда өнерментшиликти буннан былай да раўажландырыўға қаратылған усыныслар көрип шығылды.
Соның ишинде, Уллы Британия Патшалық фонды менен биргеликте Ташкент қаласында академиялық платформа жаратыў режелестирилген. Ол арқалы магистрлер таярлаў, изертлеўлер өткериў, оқыў қолланбаларын енгизиў жолға қойылады. Бул платформа менен 3 мыңнан аслам қәбилетли өнерментлер басқышпа-басқыш қамтып алынады. Кейин ала оны әмелий көркем өнер мектебине айландырыў нәзерде тутылған.
2023-жылы Бухара "Өнерментшилик ҳәм халық көркем өнери" бағдарында ЮНЕСКОның креатив қалалар тармағына киргизилген еди. Ол жерде 2 мың өнермент 36 бағдарда дөретиўшилик етеди.
Сентябрь-ноябрь айларында Бухарада биринши заманагөй көркем өнер бийенналеси өткериледи. Оған 40 мәмлекеттен 70 атақлы художник келеди.
Мәмлекетимиз басшысы мәдений туризмди раўажландырыўға үлкен түртки беретуғын бундай ири илажларды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Туризм бойынша және бир потенциаллы аймақ - Қарақалпақстан. Ҳәзир ол жерде 2 мың жас миллий өнерментшилик пенен профессионал шуғылланбақта. Және көплери усы кәсиплерди ийелеўди қәлейди.
Сол себепли Нөкистеги "Истиқлол" бағын креатив кластерге айландырып, онда өнерментлер ҳәм дизайнерлерге дәстүрий билим ҳәм инновациялық идеяларды бирлестирген ҳалда билим беретуғын Арал мектебин шөлкемлестириў мөлшерленген.
Жуўапкерлерге жойбарларды сапалы орынлаў ҳәм илажларды жоқары дәрежеде өткериў бойынша көрсетпелер берилди.












