Санкт-Петербург қаласында мигрантлардың этникалық келип шығыўын анықлаў ушын 8 мың сыртқы видеобақлаў камералары орнатылады.
"Коммерсант" газетасының жазыўынша, Санкт-Петербург қаласы ҳәкимшилигиниң миллетлераралық қатнасықлар комитетиниң баслығы Олег Капитанов мигрантлар ҳәм олардың жасаў орынларын бақлаў ушын қала камераларын орнатыў ҳаққында мәлим еткен.
"Қала ҳүкимети мәжилисинде шығып сөйлеп, ҳәмелдар "қәўипсиз қала" мәлимлеме системасының жаңа функциясы - "Шахс жүзинен миллетин анықлаў механизми" ҳаққында мағлыўмат берди, - деп жазған газета. - Механизм "этник анклавлардың қәлиплесиўине" қарсы гүресиў ушын ислеп шығылған ҳәм "аймақта социаллық кескинликтиң алдын алыў бойынша өз ўақтында профилактикалық илажларды" көриў имканиятын береди".
Комитет басшысының қосымша етиўинше, 8 мың қалалық видеокамералар жаңа функциялар менен үскенеленеди. Комитет "адамлардың миллетин анықлаў бойынша лицензия сатып алыў ушын" шәртнама дүзген. Сондай-ақ, ол 2024-жылы қала халқының 43 проценти миллетлераралық қатнасықлар жағдайын унамлы деп баҳалағанын, ҳәкимшилик болса бул көрсеткиш 60 проценттен жоқары болыўын күтип атырғанын атап өтти.
Атап өтилиўинше, Президент жанындағы Инсан ҳуқықлары кеңеси лаўазымлы шахслардың камера көринислери тийкарында этникалық келип шығыў мәселесин көтергенин "инсан қәдирин кемситиўши" деп атамақта, деп хабар береди "Дунё" ХА.
"Россия паспортында шахстың миллети де көрсетилмейди. Енди болса бирден айырым видеокамералар адамның қайсы миллетке тийисли екенлигин анықлайды", - деди Инсан ҳуқықлары бойынша кеңес басшысы Валерий Фадеев.