Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери,
жергиликли Кеңес депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм
ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнаспақта.
Жалпы мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып
бармақта.
Жалпы мәжилистеги мәселелердиң додаланыўын Сенаттың YouTube тармағындағы
бети арқалы тиккелей онлайн бақлап барыўыңыз мүмкин.
Мәжилисте "Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының
структурасы ҳәм мәмлекетлик пуқаралық хызмети системасының жетилистирилиўи
мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар
ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында"ғы нызам көрип шығылды.
Кейинги жылларда
профессионал мәмлекетлик басқарыў системасын жаратыў, мәмлекетлик
хызметкерлердиң жумыс нәтийжелилигин тәмийинлеў, халықтың мәмлекетлик хызметке
исенимин және де арттырыў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда,
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў
агентлиги негизинде Басқарыў нәтийжелилиги агентлиги шөлкемлестирилди,
Министрлер Кабинети жанындағы Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры
Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы қарамағына өткерилди,
мәмлекетлик пуқаралық хызмети системасы жетилистирилди.
Усы мүнәсибет
пенен Өзбекстан Республикасының айырым нызамларына нызам ҳүжжетлериниң
муўапықлығын тәмийинлеў, мәмлекетлик пуқаралық хызметинде, суд уйымларында,
прокуратура, ишки ислер, бажыхана уйымларында, Миллий гвардияда хызмет өтеў
системасы ҳәм тәртибин жетилистириў бойынша тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар
киргизилмекте.
Соның ишинде,
Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги негизинде шөлкемлестирилген
Басқарыў нәтийжелилиги агентлигиниң ҳуқықый статусы беккемленбекте, мәмлекетлик
пуқаралық хызметине байланыслы ҳүжжетлерди мәжбүрий келисиў системасы
енгизилмекте. Прокуратура, ишки ислер уйымлары, Миллий гвардия хызметкерлери
ҳәм судьяларға Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына жумысқа
өткенде алдынғы хызмет орны бойынша кадрлар резервинде сақланыўы кепилленеди.
Додалаў ўақтында
сенаторлар бул нызам мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған ҳәкимшилик
реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға, мәмлекетлик пуқаралық хызметин өтеў
тәртибин жетилистириўге, Миллий гвардия, суд уйымлары, прокуратура, ишки ислер
ҳәм бажыхана уйымларының жумысы ушын мүнәсип шараятлар жаратыўға хызмет
ететуғынын атап өтти.
Додалаў
жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.