Ушырасыўларда В.Матвиенко ҳәм М.Ашимбаев Т.Нарбаеваны Сенат Баслығы лаўазымына сайланғаны менен қутлықлап, келешектеги жумысларына табыслар тиледи.
Сөйлесиўлер ўақтында Өзбекстан парламенти менен байланысларды жаңа мазмун менен байытыў, жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў, аймақлық ўәкиллик уйымлары арасында нәтийжели қарым-қатнасты жолға қойыў бойынша зәрүр илажларды көриўге итибар қаратылды.
Сондай-ақ, ҒМДА мәмлекетлери Парламентлераралық Ассамблеясы күн тәртибиндеги әҳмийетли ўазыйпалардың орынланыўы ҳәм парламентлераралық байланысларды раўажландырыў мәселелери де додаланды, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.