Сөйлесиўлер ўақтында GGGI ның Өзбекстандағы жумысын кеңейтиў, институттың "жасыл" трансформация бойынша кең көлемли жойбарларды әмелге асырыўдағы ролин күшейтиў, сондай-ақ, климат бойынша Париж келисими шеңбериндеги мәмлекеттиң миннетлемелерин орынлаўды қоллап-қуўатлаў мәселелери додаланды.

Аралбойы регионындағы экологиялық машқалаларға халықаралық қатнас, соңғы жылларда бул аймақты қайта тиклеў ҳәм турақлы раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалар, тоғайзарлар жаратыў ҳәм "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңбериндеги жумысларға айрықша итибар қаратылды. Сондай-ақ, парламент экспертизасын тереңлестириў ҳәм "жасыл" экономика бойынша қәнигелер таярлаў бағдарындағы режелер додаланды.

Тәреплер халықаралық дәрежеде миллий климат басламаларын алға қойыў, нормативлик-ҳуқықый базаны раўажландырыў, қоршаған орталықтың патасланыўы ҳәм климат өзгериўине қарсы гүресиў тараўында тәжирийбе алмасыў бойынша бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге келисип алды, деп хабар бермекте Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.