Ҳаўа қатнаўын «Silk Avia» компаниясының US721 рейси ашты. Самолёт жергиликли ўақыт пенен саат 11:17 де Шаҳрисабз аэропортына қонды.
Усы жылдың 13-март күни Шаҳрисабз аэропорты ушыў-қоныў жолында капитал оңлаў жумыслары алып барылып атырғаны мүнәсибети менен жумысын ўақтынша тоқтатқан еди.
Узақ мүддетли пайдаланыўдан кейин ушыў-қоныў жолының бети беккемленип, жаңа асфальт пенен алмастырылды. Жүриў жолын оңлаў да жақын ўақыт ишинде жуўмақланады, бул болса пәрўазлардың қолайлығы ҳәм қәўипсизлигин арттырады.