Шерзод Асадов МТРК ветеранлары ҳәм устаз журналистлер жыйналған илажда қатнасты

    26 сәуір 2025 770

    Бүгин узақ жыллар Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясында жумыс ислеп, ҳәзирги ўақытта кекселик ләззетин сүрип атырған ветеранлар ҳәм компанияда нәтийжели ислеп киятырған устаз-журналистлер сыйлықланды.

    Бул илажда президенттиң баспасөз хаткери Шерзод Асадов қатнасты.

    Илажда қатнасып, пидәкерлик мийнети, профессионал шеберлиги ҳәм көп қырлы дөретиўшилиги менен елимизде телевидение ҳәм радио тараўының раўажланыўына хызмет еткен қәдирли устазларымыз ҳәм ветеранларымызға, тек ғана телеэкранларда емес, ал кадр артында хызмет ететуғын кәсиплеслеримизге де Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң қызғын сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткердим.
    Телевидение ҳәм радио пидайыларын қәдирлеў, өмир жолларын жасларға ибрат етип көрсетиў, устаз-шәкирт дәстүрлерин, әўладлар арасындағы байланысларды беккемлеўде бундай ушырасыўлардың әҳмийети шексиз.

    Бул ийгиликли баслама ушын Абдурашид Жўрабоев басшылығындағы Миллий телерадиокомпанияның үлкен топарына миннетдаршылық билдиремен", - деп жазды Шерзод Асадов Telegramдағы каналында.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates