Атап өтилиўинше, ушырасыўда Швейцария компаниясының басшысы Вафо Салиев өзиниң перспективалы жойбарларын Өзбекстанда, атап айтқанда Самарқандта да даўам еттирип, Нурабад районы аймағында химия өнимлерин ислеп шығарыў заводын қурмақшы екенлигин ўәлаят басшысына билдирди.
Кәрхананың турмыслық пайдаланыў ушын жуўыў ҳәм дезинфекциялаў қураллары ушын қарыйдарлар - Иран, Қытай, Грузия, Тәжикстан, Аўғанстан мәмлекетлери болып есапланады.
Дәслепки басқышта жүз жумыс орны жаратылып, компания тәрепинен олар алты айлық курсда химия тараўында ислеў ушын оқытылады. Соннан кейин ғана, жумысқа қабыл етилип, кәрхана цехларында жумыс алып барады.
Ушырасыў жуўмағында ўәлаят ҳәкими ўазыйпасын атқарыўшы Адиз Бобоев инвестор жойбарын көрип шығып, нызам шеңберинде жәрдем көрсететуғынын билдирди.