Бул бойынша мәмлекетимиз басшысы усы жыл 7-майда болып өткен видеоселектор мәжилисинде тапсырма берген еди. Соннан келип шығып, тараў қәнигелери, халық ҳәм жеке меншик сектор ўәкиллериниң қатнасыўында бир қатар усыныслар таярланды.
Бүгин кеселликлерди емлеўде үлкен жүклеме республикалық мәкемелерге түспекте. Соның ушын ўәлаят ҳәм район көлеминде хызметлерди кеңейтип, медицинаны халыққа жақынластырыў илажлары көрилмекте.
Усы мақсетте 1 мың 500 клиникалық протокол халықаралық талапларға бейимлестириледи ҳәм стандарт хирургиялық әмелиятлар ислеп шығылады. Ең көп тарқалған кеселликлер бойынша наўқаслар маршрутлары ислеп шығылады ҳәм санластырылады.
Соңғы жыллары инсульт ҳәм инфарктке алып келетуғын гипертония, жүрек ишемик кеселлиги ҳәм қантлы диабеттиң көбейиўи бақланбақта. Бундай жағдайлардың 85 проценти майыплыққа алып келмекте.
Сол себепли басланғыш буўында жасалма интеллектти кеңнен қолланған ҳалда бул кеселликлердиң алдын алыў ҳәм емлеў бойынша жаңаша протокол ҳәм қатнасларды енгизиў усынысы билдирилди. Соның ишинде, ЭКГ-телеметрия, телемедицина, тромболизис терапия, стентлеў ҳәм тромбоэкстрация жолға қойылады. Инсульт белгилерин ерте анықлаў алгоритмин ғалаба ен жайдырыў ҳәм халыққа үйретиўге айрықша итибар қаратылады.
Неврологиялық кеселликлер ҳәм инсультты нәтийжели емлеў мақсетинде Миллий неврология ҳәм нейрореабилитация медицина орайы шөлкемлестириледи. Орай ушын Ташкент қаласында 250 орынлық заманагөй имарат қурылады, онда жылына 3 мыңнан аслам хирургиялық әмелият өткериў имканияты болады.
Орай және Самарқанд ҳәм Бухарадағы медицина жоқары оқыў орынларының клиникалары заманагөй үскенелер менен тәмийинленеди. Япониялы бирге ислесиўшилер жәрдеминде халықаралық стандартлар бойынша ерте реабилитация хызмети енгизиледи. 150 қәниге сырт елде тәжирийбе арттырады. Жойбар ушын 150 миллион АҚШ доллары қаратылады. Бул илажлар майыплық ҳәм мийнетке жарамсызлықты азайтыў имканиятын береди.
Сондай-ақ, әмелдеги денсаўлықты сақлаў системасын карталастырыў ҳәм санластырыў, сол тийкарда медицина мәкемелерин бирден-бир көзқарас тийкарында шөлкемлестириў бойынша мастер-реже ислеп шығыў усынысы билдирилди. Бул жумыслар шеңберинде жаңа қурылыс стандартлары, поликлиника ҳәм емлеўханалардың үлги жойбарлары қәлиплестириледи, 210 санитариялық норма қайта көрип шығылады.
Бүгинги күнде халықтың лабораториялық анализлерге исеними бир қанша төмен. Лаборатория хызметиниң төменлиги профилактика ҳәм емлеўди қыйынластырмақта. Район дәрежесиндеги 2800 поликлиникаға 1500 лаборатория хызмет көрсетип атыр, үскенелердиң көпшилиги ескирген, айырым анализлер қолда орынланады.
Соның ушын 2030-жылдың ақырына шекем 198 орайласқан лаборатория шөлкемлестириў, ишки ҳәм сыртқы сапа қадағалаўын жолға қойыў, процесслерди толық санластырыў нәзерде тутылған. Соның менен бирге, бийпул анализлер саны арттырылады.
Профессионал ҳәм жоқары медициналық билимлендириўди раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.
Мийирбийкелер академиясын Ташкент мәмлекетлик медицина университети жанындағы Профессионал медицина академиясына айландырыў усынысы билдирилди. Халықаралық шериклер менен биргеликте жаңа бағдарламалар енгизиледи, мийирбийкелерди NCLEX имтиханы тийкарында халықаралық сертификатлаў жолға қойылады. Жоқары мағлыўматлы мийирбийкелер таярлаў бағдарына қабыллаў квотасы басқышпа-басқыш арттырылады.
Буннан тысқары, барлық оқыў бағдарламалары халықаралық шөлкемлердиң талаплары тийкарында аккредитациядан өткериледи, шаңарақлық медицина бойынша интеграцияласқан билимлендириў бағдарламасы ҳәм бир жыллық интернатура енгизиледи. "Кесел жанында" оқытыў үлесин арттырыў, билимлерди баҳалаўдың еки басқышлы системасы ҳәм медицина хызметкерлерин дизимге алыў системасын басқышпа-басқыш енгизиў режелестирилген.
Өз алдына бағдар жәмәәт саламатлығы менен байланыслы. Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық комитетиниң жумысын жуқпалы болмаған кеселликлер профилактикасына, аналар ҳәм балалар өлимшилигин азайтыўға, жарақатланыўдың алдын алыўға бағдарлаў усыныс етилмекте. Оның ушын жуқпалы болмаған кеселликлер профилактикасы бойынша миллий бағдарлама ислеп шығылады.
Қан хызметин жетилистириў мәселеси де әҳмийетли. Бул бағдарда 2026-2030-жылларға мөлшерленген бағдарлама қабыл етилип, медицина мәкемелериниң қан менен тәмийинлениўи 100 процентке жеткериледи. Қан препаратларын ислеп шығарыў жолға қойылады. Қан қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң заманагөй усыллары, соның ишинде, вирусларды инактивциялаў ҳәм нурландырыў енгизиледи. Бул өлимшилик жағдайларын азайтыў ҳәм қанға болған талапты тәмийинлеў имканиятын береди.
Мәмлекетимиздиң фармацевтика базары бүгинги күнде 2 миллиард доллардан артқан. Реформалар халықты сапалы, қәўипсиз ҳәм нәтийжели дәри-дәрмақлар менен тәмийинлеўге қаратылған.
Бул бағдарда, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң нормаларын есапқа алған ҳалда, дәри қуралларын дизимнен өткериўде тән алыў тәртиби енгизиледи. Женериклердиң биоэквивалент сынақлары өткериледи, медициналық буйымларды олардың қәўипсизлик класслары бойынша дизимнен өткериўдиң дифференциалластырылған системасы қолланылады. Бул бағдарда жумысты баслаў ушын хабардар етиў тәртиби енгизиледи.
Шәртнама тийкарында өндирис ҳәм технологиялар трансфери раўажландырылады, фармацевтика қадағалаўының заманагөй механизмлери енгизиледи.
Президентимиз билдирилген усынысларды мақуллап, тийисли ҳүжжетлерге қол қойды. Белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын системалы ҳәм сапалы тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди.











