Туризм - онша үлкен болмаған қаржы есабынан көплеген жумыс орынларын жарататуғын, халықтың дәраматын арттыратуғын, аймақлардың келбетин жақсылатуғын тараў. Ташкент қаласы бул бағдарда кең имканиятларға ийе.

Атап айтқанда, бул имканиятты толық иске қосыў мақсетинде Алмазар районында 447 гектар майданды қамтып алған жойбар әмелге асырылмақта. Оның шеңберинде 15 мәҳәллени байланыстыратуғын районлық әҳмийетке ийе 6 көшеде туризм ҳәм сервис объектлери қурылады.

Зарқайнар көшесиндеги дөретиўшилик жумыслары усы жойбардың бир бөлеги болып есапланады. Әсирлер даўамында қәлиплескен тарийхый келбет, миллий архитектуралық дәстүрлер ҳәм өнерментшилик руўхы бул районның "мирәт қағазы" болып есапланады.

Республикалық бюджеттен ажыратылған 150 миллиард сум қаржы есабынан бул жердеги 576 турақ жай миллий усылда оңланып, тарийхый орталыққа сай келбетке келтирилди.

100 исбилермен тәрепинен 166 миллиард сум инвестиция киргизилип, 7 мийманхана, 8 ресторан, 5 өнерментшилик орайы, 1 саўда орайы, 125 хызмет көрсетиў кәрханасы шөлкемлестирилген. Бул арқалы 1 мың 500 пуқара турақлы жумыс пенен тәмийинленген.

Мәмлекетимиз басшысы жаңаланған көше менен танысып, миллий архитектуралық усылда оңланған турақ жайларды, абат көшелерди, халық ушын жаратылған шараятларды көзден өткерди. Жергиликли халық, туристлер, өнерментлер менен қызғын сәўбетлести.

- Биз туристлер ушын шараят жаратпақшымыз, бирақ тийкарын да дурыс қурыў керек. Мәселен, миллий өнерментшилик миллий өзлигимизди көрсететуғын әҳмийетли бағдарлардан бири болып есапланады. Соның ушын усталарды өним ислеп шығарыў ушын зәрүр барлық қураллар менен тәмийинлеў тиккелей өзимиздиң жумысымыз. Сондай-ақ, маман кадрлар таярлаў зәрүр. Усы мақсетте Өнерментшилик университетин шөлкемлестириў мақсетке муўапық. Биз исбилерменлер менен ушырасып атырмыз, енди өнерментлер менен де өз алдына ушырасыўлар шөлкемлестиремиз, - деди Президент.

Жуўапкерлерге туризм ҳәм хызметлер тараўындағы жумысларды буннан былай да жетилистириў, мәҳәллелердиң тарийхый келбетин қәстерлеп сақлаған ҳалда экономикалық белсендиликти арттырыў, ең әҳмийетлиси, адамлардың мәпине хызмет ететуғын турақлы системаны қәлиплестириў бойынша анық тапсырмалар берилди.

Усы жердиң өзинде мәмлекетимиз басшысына "Алмазар" инновациялық өсиў аймағының мастер режеси таныстырылды.

Бас реже тийкарында билимлендириў ҳәм инновациялар, туризм ҳәм саўда, мәдений мийрас, бизнес ҳәм IТ хызметлер тараўларын қамтып алған "раўажланыў коридорлары" қәлиплестириледи.

Ески қала әтирапында Студентлер қалашасы, университетлер ҳәм технопарклер, денсаўлықты сақлаў объектлери, сондай-ақ, Ислам цивилизациясы орайы, Ҳәзирети Имам комплекси, Чорсу базары ҳәм қаланың тарийхый орайын өз-ара байланыстырыў режелестирилген. Буннан тысқары, арқа исбилерменлик бөлиминде офислер, IТ-парк ҳәм бизнес орайларын шөлкемлестириў нәзерде тутылған.

Бас режени әмелге асырыўдан мақсет тарийхый мийрасты қәстерлеп сақлаў, соның менен бирге заманагөй инфраструктураны раўажландырыў, сондай-ақ, районның экономикалық потенциалы ҳәм қала орталығын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўдан ибарат.

- Ҳәр бир көше бойынша кеминде бес жылға мөлшерленген мастер реже ислеп шығыў зәрүр. Кеше Швейцарияның Давос қаласында жергиликли шараятларды есапқа алған ҳалда, бар имаратларды сақлап қалған ҳалда қала орталығының раўажланып атырғанын көрдим. Бизлер де Гөне қаланы қәстерлеп сақлаўымыз, оның үстине раўажландырыўымыз керек. Оның ушын "Ески қала" деген ат пенен өз алдына бағдарлама таярлаў керек, - деп атап өтти Президент.