"Суў дипломатиясы" илимий түсиник сыпатында бизге енди кирип келмекте. Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигиниң басламасы менен Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университетинде өткерилген халықаралық конференцияда мине усы түсиникке байланыслы мәселелер додаланды.
Конференцияда БМШ Раўажланыў бағдарламасы, Аралды қутқарыў халықаралық қоры, Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги, Германия халықаралық бирге ислесиў қоры, Халықаралық климат басламасы, Глобал жасыл өсиў институты ҳәм басқа да халықаралық ҳәм миллий шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.
Әнжуманда Орайлық Азия регионында суў ресурсларынан турақлы ҳәм нәтийжели пайдаланыў, трансшегаралық суў бирге ислесиўин раўажландырыў, суў дипломатиясы арқалы регионаллық турақлылыққа ерисиў мәселелери додаланды. Өзбекстанда суў дипломатиясы қәнигелиги бойынша магистрлик бағдарламасы ашылып атырғаны айрықша атап өтилди. Бул баслама тараўдағы әҳмийетли стратегиялық қәдемлерден бири сыпатында баҳаланды.
Бул магистрлик бағдарламасы Суў хожалығы министрлигиниң басламасы менен әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университети және "Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты" миллий изертлеў университети арасында 2025-жылдан усы қәнигеликте магистрлик бағдарламасын ашыў бойынша бирге ислесиў меморандумына қол қойылды. Бағдарлама суў ресурсларын басқарыў ҳәм халықаралық қатнасықлар тараўларын бирлестирген ҳалда келешекте жоқары маманлықтағы, сөйлесиўшеңлик қәбилети жоқары, геосиясий жағдайды түсинетуғын қәнигелерди жетистириўди мақсет етеди.
"Ўзбеккосмос" агентлиги директорының орынбасары Муҳиддин Иброҳимов “Tracking Every Drop” жойбарын таныстырды. Бул жойбар шеңберинде жасалма жолдас мағлыўматлары ҳәм GIS технологиялары арқалы аўыл хожалығы жериндеги пуўланыў процесин бақлаў арқалы фермерлердиң суўдан қаншелли нәтийжели пайдаланып атырғанын баҳалаў мүмкин. Сондай-ақ, бул усыл арқалы фермерлердиң суў нәтийжелилигин 0 ден 1 ге шекем баҳалаў усылы жаратылғаны да айтылды. Жойбар шеңберинде нәтийжели усылларды басқа аймақларға енгизиў арқалы улыўма нәтийжелиликти арттырыў имканияты бар екенлиги атап өтилди.
Орайлық Азия мәмлекетлераралық суў хожалығын муўапықластырыў комиссиясы илимий-мәлимлеме орайының директоры Динара Зиганшина трансшегаралық суў ресурслары бойынша бирге ислесиўдиң әҳмийетине тоқтап өтти. Ол Орайлық Азия мәмлекетлери арасында суў ресурсларынан тыныш, турақлы ҳәм муўапықластырылған түрде пайдаланыўда бул комиссияның жумысы әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтти. Сондай-ақ, Өзбекстанның шөлкем жумысында және де белсене қатнасыў, соның ишинде, CaWater.info сайтында миллий илимий мақалаларды жәриялаў арқалы халықаралық илимий жәмийетшиликке шығыў зәрүр екенлиги айтылды.
Сондай-ақ, Әмиўдәрьяның төменги бассейнинде суў ресурсларын интеграцияласқан басқарыўға байланыслы бағдарламаны ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа енгизиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Бул аймақ Бухара ҳәм Хорезм ўәлаятларын және Қарақалпақстанды қамтып алады. Бул жерде 1 миллион 50 мың 910 гектар суўғарылатуғын жер ҳәм 957 мың 260 гектар көл, батпақлық бар. Бул аймақта суўды үнемлейтуғын технологиялар ҳәм суўды басқарыўды жетилистириў арқалы ирригация ушын жумсалып атырған суў муғдарын қысқартыў ҳәм сақланған суў экосистемаларға бағдарланыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.
Әнжуманда Өзбекстандағы RAMSAR батпақ аймақларын қорғаўға байланыслы стратегиялық ҳүжжетлер ислеп шығылыўы зәрүрлиги мәлим етилди. Баянатта қәнигелер арасында канал, дәрья ҳәм батпақлар атамалары анық ажыратылмайтуғыны, стратегиялық әҳмийетке ийе зоналарды қамтып алған бирден-бир рәсмий картаның жоқ екенлиги ҳәм мониторинг системасының жетерли емес екенлиги атап өтилди. Бул машқалаларды сапластырыў ушын анық терминологияны белгилеў, халықаралық стандартларға сәйкес картаны таярлаў ҳәм турақлы мониторинг системасын жолға қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Конференция жуўмағында келешекте жаңа жойбарларды әмелге асырыў мақсетинде халықаралық бирге ислесиўши шөлкемлер менен байланысларды және де беккемлеўге келисип алынды.
Наргис ХОЛМАМАТОВА,
Суў хожалығында реформалар орайы
жетекши қәниге