Жаратылған шараятлар ҳәм берилген жеңилликлер есабынан соңғы сегиз жылда ўәлаятқа 3 миллиард доллар сырт ел инвестициясы тартылған, 4 мың санаат кәрханасы иске қосылған. Санаат көлеми еки есеге артып, усы жылы 17,2 триллион сумға жетиўи күтилмекте. Былғары аяқ кийим, зергерлик, қурылыс материаллары ҳәм фармацевтика сыяқлы жаңа тармақлар қәлиплескен.

Кәмбағаллықты қысқартыў бойынша да жақсы нәтийжелерге ерисилди. Усы жылы 126 мың шаңарақ кәмбағаллықтан шығарылып, кәмбағаллық дәрежеси 9,3 проценттен 5,6 процентке шекем төменлеўи күтилмекте. "Тўпаланг" суў сақлағышынан қубыр тартыў арқалы Шерабад, Байсун, Бандихон, Музработ, Олтинсой, Ангор, Жарқўрғон ҳәм Денов районларында жасайтуғын 2 миллион халықтың ишимлик суў машқаласы толық шешилген.

Соған қарамастан, бай тәбийғый ресурслары ҳәм жетерли инфраструктурасы бола турып, Сурхандәрья ўәлаяты санаат, аўыл хожалығы, хызметлер ҳәм туризм тараўларында бир қатар аймақлардан артта қалып атырғаны атап өтилди. Атап айтқанда, ўәлаятта санаат өндирисиниң көлеми Сырдәрья ўәлаятына салыстырғанда 1,5 есеге, Жиззақ ўәлаятынан 1,8 есеге ҳәм Хорезм ўәлаятынан 2 есеге аз.

Мийўе-овош экспорты да Самарқанд, Ташкент ўәлаяты, Ферғана ҳәм Хорезм көрсеткишлеринен төмен. Ўәлаяттағы қазылма байлықлар 600 миллиард долларға баҳаланғаны, бирақ бул потенциалдың ҳәттеки 10 проценти де иске қосылмағаны атап өтилди.

Усы мүнәсибет пенен ўәлаятты инвестиция, жумыс орны, халықтың дәраматы ҳәм экспорт көрсеткишлери ең тез өсиўши аймаққа айландырыў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилисте келеси жылы ўәлаятта анықланған 114 қазылма кәнлериниң резерви тийкарында жаңа жойбарларды әмелге асырыў зәрүрлиги атап өтилди. Келеси жылы бул кәнлерде 3,2 миллиард долларлық 91 жойбарды баслаў, соннан 2 миллиард долларлық бөлегин иске қосыў режелери белгиленди.

Сондай-ақ, драйвер жойбарлар инфраструктурасына 175 миллиард сум ажыратылады, буның есабынан 1 триллион 200 миллиард сумлық 36 жойбар әмелге асырылып, 9 мың жумыс орны жаратылады.

Туризм тараўы додаланып, ўәлаятта тек ғана 47 мийманхана жумыс алып барып атырғаны, 4 ҳәм 5 жулдызлы ямаса бренд мийманханалар жоқ екенлиги атап өтилди. Байсын, Сангардак ҳәм Аманхана сыяқлы жоқары туристлик потенциалға ийе аймақлардың имканиятларын толық иске қосып, мийманханалардың санын көбейтиў, жаңа туризм бағдарлары ҳәм объектлерин шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Аўыл хожалығында мийўе-овош жетистириўдиң 60 проценти Денау, Шерабад, Қумқорған, Жарқорған, Музрабат ҳәм Сариосиё районларының үлесине туўра келип атырғаны атап өтилди. Келеси жылы Ангор, Қизириқ, Термиз, Узун ҳәм қәнигелескен басқа да районларда да экспортты көбейтиў бойынша анық жойбарлар ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилисте Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкими усындай имканиятларды иске қосыў бойынша режелерин таныстырды.

Мәмлекетимиз басшысы аймақта жолларды оңлаў, турақ жай қурыў ҳәм социаллық инфраструктураны жақсылаў бойынша да көрсетпелер берди.