Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилген суўғарылатуғын жер майданы 2,6 миллион гектарға жетип, улыўма көлемниң 60 процентин қурамақта. Салыстырыў ушын, 2017-жылға шекем суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилген аймақлар 19 мың гектар еди. Бул жумыслардың нәтийжесинде жылына 2,5 миллиард куб метр суў үнемленбекте.

Презентацияда әмелге асырылып атырған жумыслардың көлемин және де кеңейтиў бойынша ислеп шығылған жаңа усыныслар додаланды.

Атап айтқанда, 2028-жылға шекем және 930 мың гектарда суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизип, олардың улыўма майданын 3,5 миллион гектарға жеткериў, бул болса жәми суўғарылатуғын жерлердиң 80 процентин қурайды. Нәтийжеде жылына 3,5 миллиард куб метр суўды үнемлеў, 300 мың гектар жердиң суў тәмийнатын жақсылаў ҳәм тәкирарый егинлерди суўғарыў имканияты жаратылады.

Суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў есабынан үнемленген суў ресурслары суў тәмийнаты аўыр аймақлардағы фермерлердиң суўғарыў талапларын кепилленген түрде қаплаў имканиятын береди.

Оның ушын аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңа механизмлеринен пайдаланылады.

Атап айтқанда, жерлердиң суў ресурслары менен тәмийинлениў дәрежесинен келип шығып, суў ресурсларына салық ставкасы ҳәм субсидия муғдарларын белгилеў усыныс етилди. Мәселен, суў тәмийнаты турақлы емес аймақларда жайласқан суўғарылатуғын жерлерде суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилгенде, ажыратылатуғын субсидиялар 1,25 көбейтиўши коэффициент пенен есапланады.

Буннан тысқары, банк кредитлерин тартпастан, өз қаржылары есабынан суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўши интакерлерди субсидиялаўдың жаңа системасы енгизиледи. Оның шеңберинде субсидия муғдарының 50 проценти Аграр тараўдағы төлемлер агентлиги тәрепинен тийисли жойбарлаў-смета ҳүжжетлери ҳәм жумысты бөлип алып ислеўши кәрхана менен дүзилген шәртнамаға тийкарланып алдыннан ажыратылады.

Енди ғәлле жетистириўде тамшылатып ҳәм дискрет суўғарыў енгизилген майданларға да субсидия бериледи.

Суўды үнемлейтуғын технологияларды сатып алыў ҳәм орнатыў ушын коммерциялық банклер тәрепинен ажыратылған кредит процентлериниң бир бөлегин қаплаў имканияты жаратылады. Пахта майданларында тамшылатып суўғарыўды енгизиў ушын кредит қаржылары ҳәр жылы ноябрь айынан баслап ажыратылады.

Буннан былай, суўды үнемлейтуғын технологияларды орнататуғын жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлер ҳәр бир жойбар бойынша кеминде 2 жыл кепиллик бериўи ҳәм 5 жыл сервис хызметин көрсетиўи шәрт.

Бул тараўда мәмлекетлик қадағалаўды жетилистириў мәселелери додаланды.

Салы жетистирилип, балықшылық хожалықлары шөлкемлестирилип атырған жерлерде суў ресурсларын басқарыў ҳәм суў алынатуғын орынларда суўды есапқа алыўды жақсылаў мақсетинде "Суў есабы" мәлимлеме системасына интеграцияланған "ақыллы" суў есаплаў ҳәм өлшеў үскенелери орнатылады.

Суў хожалығы объектлери қәўипсизлиги ҳәм суўдан пайдаланыўды қадағалаў инспекциясының аймақлық бөлимлеринде суўды үнемлеўши технологиялар ҳәм суўдан пайдаланыў мониторинги бөлимлери шөлкемлестириледи. Инспекция тәрепинен исбилерменлик субъектлерин боди-камералардан пайдаланған ҳалда тексериўден өткериў тәртиби енгизиледи. Инспекцияға аўыл хожалығы атызларында суўдан пайдаланыў ҳәм оның жоғалтылыўын қадағалаў ушын ушыўшысыз ушыў аппаратларынан пайдаланыўға рухсат бериледи.

Соның менен бирге, орнатылған суўды үнемлейтуғын технологиялардан мақсетли пайдаланыў үстинен қадағалаўды күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди. Суўды үнемлеўши технологиялар енгизилген ҳәм бул ушын субсидия ажыратылған майданларда дәстүрий усылларда суўғарыў, бул технологияларды ямаса олардың тийкарғы элементлерин қолланбаған ҳалда суўды өзбасымшалық пенен пайдаланыў сыпатында баҳаланады.

Суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў тараўында фермерлердиң мәплерин қорғаў мақсетинде инспекция ҳәм оның аймақлық басқармалары тәрепинен суўды үнемлейтуғын технологияларды орнатыўға байланыслы мәселелер бойынша судларға киргизилген даўа арзаларын мәмлекетлик бажыдан азат етиў усыныс етилди.

Мәмлекетимиз басшысы тараўда кадрлар потенциалын арттырыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Презентацияда алдынғы сырт ел тәжирийбесин есапқа алған ҳалда, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ҳәм олардан пайдаланыў бойынша кадрлар таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўға байланыслы режелер ҳаққында мәлимлеме берилди. Атап айтқанда, "Суўшылар мектеби" жойбары шеңберинде быйыл 10 мың фермер хожалығының хызметкерлери қәнигелигин арттырады, 358 суў хожалығы қәнигеси сырт елге тәжирийбе арттырыўға жибериледи.