Исбилерменлер тәрепинен финанслық хызметлерден пайдаланыў имканияты кеңейтиледи

    18 сәуір 2025 553

    Нызам менен (ӨРН-1058-санлы, 17.04.2025-ж.) айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

    "Валютаны тәртипке салыў ҳаққында"ғы Нызамға киргизилген қосымшаға бола, резидентлер арасындағы валюта операцияларына клиенттиң (кредитордың) контрагенти резидент болмаған жағдайда, кредит шөлкемлери тәрепинен пул талабынан басқа шахс пайдасына ўаз кешиў есабынан қаржыландырыў операциялары әмелге асырылып атырғанда жол қойылатуғыны белгиленди.

    Алдын бундай норма жоқ еди.

    "Өзбекстан Республикасының Орайлық банки ҳаққында"ғы Нызамға Орайлық банк, кредит шөлкеми болмаған шахслар тәрепинен шөлкемлестирилген электрон факторинг платформаларының мәлимлеме системаларының қәўипсизлигине, киберқәўипсизлигине ҳәм оларды IТ-аудиттен өткериўге байланыслы талапларды белгилеў ҳәм усы талаплардың орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырыў сыяқлы ўәкилликлерди белгилейтуғын қосымша киргизилди.

    Сондай-ақ, Орайлық банктиң ишки аудиторлық хызмети өз жумысында Орайлық банк басқармасына ҳәм Аудиторлық комитетине есап бериўи белгиленди.

    Алдын тек ғана Аудиторлық комитетине есап берген.

    Орайлық банк төмендегилер ушын руқсат етиў характерине ийе ҳүжжетлерди бериўи нәзерде тутылмақта:

    кепилликлер бериўши шөлкемниң жумысын әмелге асырыўға;

    факторинг шөлкеминиң жумысын әмелге асырыўға.

    Төмендеги жумыс (ҳәрекетлер) түрлерин әмелге асырыў ушын бул ҳаққында Орайлық банкти хабардар етиў талабы белгиленди:

    факторинг шөлкеминиң филиалын ашыў ямаса жабыў;

    физикалық ҳәм юридикалық шахслар, соның ишинде, тийислисинше жақын туўысқанлары ҳәм олар менен байланыслы болған шахслар менен биргеликте ҳәрекет етиўши физикалық ҳәм юридикалық шахслар, сондай-ақ, резидентлер тәрепинен бир ямаса бир неше питим нәтийжесинде банк емес кредит шөлкеминиң устав фондындағы (устав капиталындағы) 10 проценттен 20 процентке шекемги болған үлесин тиккелей ямаса тиккелей емес түрде алыў.


    No date selected
    May 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates