"Өзбекстан - 2030" стратегиясында билимлендириў системасын реформалаў тийкарғы бағдарлардан бири етип белгиленген. Быйылғы мәмлекетлик бағдарламада да мектеплерде шараятларды жақсылаў, жас әўладты билимли етип тәрбиялаў бойынша көплеген ўазыйпалар қойылған.
Бул, көп тәреплеме, муғаллимлердиң билим ҳәм тәжирийбесине байланыслы. Елимизде 15 мәмлекетлик ҳәм 61 мәмлекетлик емес жоқары оқыў орнында педагогика бағдары бар. Бирақ олардағы илимий потенциал тек ғана 40 процент әтирапында.
Қабыллаўлардың үлкен бөлегин социаллық бағдарлар қурайды. Анық ҳәм тәбийғый пәнлер бойынша педагоглар таярлаў жүдә аз. Студентлердиң 40 проценти сыртқы билимлендириўде оқып атыр.
Сол себепли Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университетин трансформациялап, Өзбекстан миллий педагогикалық университетин шөлкемлестириў, болажақ педагоглар жойбарын әмелге асырыў режелестирилмекте. Университет барлық аймақлардағы педагогикалық институтлар ушын таяныш жоқары оқыў орны болады.
"Жаңа Өзбекстан" университетинде 40 тан аслам сырт елли оқытыўшылар ҳәм 30 ўатанлас зыялыларымыз жумыс алып бармақта. Студентлер өзлериниң ҳәр қыйлы бағдарлардағы жойбарларына жәми 24,3 миллиард сумлық грантлар тартқан. Бул потенциалдан пайдаланып, университетте инженерлик, санлы технологиялар, жасалма интеллект, медицина сыяқлы заманагөй тараўларда қәнигелер таярлаўды раўажландырыў, жаңа лабораториялар ашыў режелери таныстырылды.
Сондай-ақ, жоқары оқыў орнында илим, билимлендириў ҳәм әмелияттың интеграциясын тәмийинлеў мақсетинде Германияның алдынғы тәжирийбесинен пайдаланған ҳалда заманагөй университет клиникасын шөлкемлестириў режелестирилмекте.
Билимлендириўдиң сапасын анықлаўда да халықаралық усыллар енгизилмекте. Быйыл 233 мектептеги 9 мың 15 жасар оқыўшының билими “PISA” халықаралық бағдарламасы арқалы баҳаланады.
Ҳәзирги күнде 2 мың мектеп жоқары жүклеме менен ислемекте. Быйыл бюджет есабынан 112 мың жаңа оқыўшы орны шөлкемлестириледи. Халықтың өсиўи есабынан, мектеплерге талап та артып барады. Сол себепли Ислам раўажланыў банкинен 200 миллион доллар тартып, аймақларда 58 заманагөй мектеп қурылысы режелестирилген.
Таллаўларға бола, мектеп жасындағы балалардың 80 проценти интернет ҳәм социаллық тармақларда белсенди. Оларды зыянлы мәлимлемеден қорғаў бойынша белгили жумыслар алып барылмақта. Бирақ, жаслар тәлим-тәрбиясына күшли тәсир көрсететуғын, қызықлы миллий контентлер жаратып атырған дөретиўшилер санаўлы.
Усылардан келип шығып, балаларға қәўипсиз мәлимлеме орталығын жаратыў, миллий контентлерди көбейтиў, дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаў бойынша көрсетпелер берилди.