Режеге бола, мәмлекетлик аккредитациядан өткериў төмендеги басқышлардан ибарат:

  • 1-басқыш - арзаны рәсмийлестириў.
  • 2-басқыш - билимлендириў сапасын ишки баҳалаў.
  • 3-басқыш - билимлендириў сапасын сыртқы баҳалаў.
  • 4-басқыш - мәмлекетлик аккредитация бойынша жуўмақлаўшы қарар қабыл етиў.

Билимлендириў бағдарламаларын арнаўлы мәмлекетлик аккредитациядан өткериў ҳаққындағы арзалар келеси оқыў жылында жумысын баслаў ушын ҳәр жылы 1-октябрьден кейинги жылдың 31-январына шекем қабыл етиледи.

Арзаға төмендеги ҳүжжетлер қосымша етиледи:

- лицензия ямаса юридикалық шахстың гүўалығы нусқасы.

- арзаны көрип шығыў ушын белгиленген муғдардағы жыйымлардың әмелге асырылғанлығы ҳаққындағы мағлыўматнама;

- мәмлекетлик аккредитация процесслерине бириктирилген жуўапкер хызметкердиң мағлыўматлары;

Арзалар 15 жумыс күнинде көрип шығылады.

Билимлендириў бағдарламасы "мәмлекетлик аккредитациядан өтти" деп тән алынғанда, арнаўлы мәмлекетлик аккредитациядан өткенлиги ҳаққындағы сертификат 1 ҳәпте мүддетте бериледи ҳәм усы билимлендириў бағдарламасы бойынша кадрлар таярлаўға руқсат бериледи.