Мәмлекетимизде экономиканың стратегиялық тармақларын илимий тийкарда раўажландырыў, инновацияларды кеңейтиў, жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў тийкарғы ўазыйпалар қатарына киреди. Бул процесс, бәринен бурын, заманагөй билим ҳәм әмелий көнликпелерге ийе болған маман кадрларды таярлаў менен тығыз байланыслы.
Усы мақсетте Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 23-июньдеги қарарына муўапық, "Жаңа Өзбекстан" университети шөлкемлестирилди.
Жаңа Ташкенттеги дәслепки баҳасы 200 миллион доллар болған жоқары оқыў орнының жаңа комплекси 50 гектар майданды ийелейди.
Жойбар Жаңа Ташкентти қурыў дирекциясының буйыртпасы тийкарында түркиялы қәнигелер менен биргеликте ислеп шығылған. Қурылыс жумысларын “Özgüven” компаниясы алып бармақта. Университет комплексин 2027-жылы пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген.
Комплекс аймағында 10 мың студентке мөлшерленген 5 факультет, ректорат, 1000 нан аслам орынға ийе китапхана, музей, көргизбе залы ҳәм мультимедиа ханалары қурылады. Сондай-ақ, студентлер ҳәм оқытыўшылар ушын 1 мың орынлық спорт комплекси, 2 мың орынлық турақ жайлар, бассейн ҳәм асханалар қурылады.
Ҳәзир қурылыс жумыслары үш басқышта алып барылмақта. Мәмлекетимиз басшысы жойбардың тийкарғы параметрлери, инфраструктура ҳәм оқыў процеси ушын жаратылатуғын шараятларға айрықша итибар қаратты. Бундай заманагөй билимлендириў дәргайларының жаслардың илимий-интеллектуаллық потенциалын жүзеге шығарыўдағы әҳмийети айрықша атап өтилди.
- Бул университетте әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар, билимлендириў бағдарламалары басқа да жоқары оқыў орынларына үлги болыўы керек,-деди мәмлекетимиз басшысы.
Жуўапкерлерге басқа да жоқары оқыў орынларын басқышпа-басқыш жаңалаў ҳәм үскенелеў, билимлендириў процесине алдынғы технологияларды кеңнен енгизиў бойынша тапсырмалар берилди.
Сондай-ақ, дерлик 4 гектар майданда Өзбекстан Миллий китапханасының жаңа имаратын қурыў жумыслары алып барылмақта. Имарат миллий архитектуралық дәстүрлер ҳәм заманагөй архитектуралық шешимлер тийкарында жойбарластырылған.
Төрт қабатлы имараттың улыўма майданы 30 мың квадрат метрден аслам болып, бир ўақыттың өзинде 1420 китапқумарға хызмет көрсетиў имканиятына ийе. Китапхана фондларын сақлаў, есапқа алыў, қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм стерилизациялаў ушын арнаўлы жоқары технологиялық ханалар шөлкемлестириледи.
Комплекс көп функциялы болып, ең ири халықаралық ҳәм миллий китапханалардың электрон базаларына онлайн кириў имканиятын береди. Көзи әззи пуқаралар ушын китап оқыў ҳәм излениў ушын арнаўлы орталық жаратылады. Сондай-ақ, мийманлар ушын 300 орынлық кафе, галерея, спорт майданшалары, дем алыў орынлары қурылады.
Президентимиз бул китапхана Жаңа Ташкентте шөлкемлестирилип атырған билимлендириў ҳәм ағартыўшылық орайлары қатарында әҳмийетли орын ийелейтуғынын, жас әўладтың интеллектуаллық раўажланыўы ушын беккем тийкар болатуғынын атап өтти. Илим ҳәм ағартыўшылыққа инвестиция киргизген мәмлекеттиң экономикалық потенциалы жоқары болатуғыны атап өтилди.
Заманагөй китапхана имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў ушын хызметкерлер мәлимлеме технологиялары ҳәм халықаралық стандартларды пуқта өзлестириўи әҳмийетли екенлиги атап өтилди.