Тапқанымыз билимлендириўге буйырсын

    Пикир 7 мамыр 2025 258

    Ҳәр қыйлы мәресим ҳәм тойларды ықшам өткериў халқымыздың әсирлик әрманына айланған. Жадидлеримиз гүрес баслаған ысырапгершиликтен елеге шекем қутылып кете алмадық. Дәўирдиң өзи бул мәселени ҳуқықый тийкарға сүйенип шешиў пурсаты келгенин көрсетпекте.

    Бүгин мәмлекетимизде тойлар ҳәм шаңарақлық басқа да мәресимлерди өткериўди ҳуқықый тийкарда тәртипке салыў мәселеси жәмийетшиликтиң додалаў орайында тур. Бул ҳүжжетти қабыл етиўден гөзленген мақсет ысырапгершиликке жол қоймаў, жас әўладты үнемлеў ҳәм ақылға уғрас жумсаўға үйретиў болып табылады. Ол халықтың реал кейпияты ҳәм социаллық талапларынан келип шығып ислеп шығылмақта.

    Бундай ҳүжжетлерди қабыл етиў реал жағдайды пуқта үйрениў, халықтың пикирин билиўди талап етеди. Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы тәрепинен 2023-2024-жылларда илимий-әмелий излениў өткерилген еди. "Жәмийеттиң социаллық-руўхый орталығын баҳалаў ҳәм саламатландырыў" темасындағы кең көлемли сораўнама нәтийжеси бул ҳүжжетти тезирек қабыл етиў керек екенлигин көрсетеди. Пикиримиз орынлы болыўы ушын сөзимизди изертлеў бойынша темаға байланыслы нәтийжелерди таллаў менен даўам еттирсек.

    Бул изертлеўде мәмлекет халқының 1 проценти, яғный 347 мыңнан аслам пуқара қамтып алынды. Илимий жақтан бул муғдар социаллық изертлеў өткериў ҳәм баҳалаў ушын жеткиликли. Бул изертлеўде халықтың той ҳәм басқа да мәресимлерге байланыслы кейпияты, умтылыўы ҳәм социаллық белсендилик дәрежеси унамлы көрсеткишке ийе екени көринди. Мәселен, сораўнамада "Шаңарақлық илаж, той ямаса басқа да мәресимди ҳәмме сыяқлы емес, ал басқаша, яғный тек жақынлары менен өткериўге қарар еткен шаңараққа қандай мүнәсибетте болатуғын едиңиз?" деген сораў бар еди. Улыўмалық жуўмаққа бола, 68 процент қатнасыўшы бундай ҳәрекетти қоллап-қуўатлайтуғынын билдирген. Бул цифра жәмийетимизде басқалардың сөзине қулақ салмай, өзи ушын қолайлы шараят жаратыў, ғалабалыққа ермей, еркин қарар қабыл етиўге умтылыў күшли екенин көрсетеди. Бул социаллық дәстүрлерге салыстырғанда сын көзқарастан қатнас жасаўдың қәлиплесип атырғанынан дәрек береди.

    "Сизиңше, шаңарақлық ажырасыўлардың көбейиўине нелер себеп болмақта?" деген сораў изертлеўдиң және бир әҳмийетли сораўы еди. Буған респондентлердиң көпшилиги сабыр-тақаттың жоқлығын биринши себеп ретинде көрсетти. Екинши орында болса, әйне "Үрип-әдет ҳәм мәресимлердиң артықша қәрежет жумсалыўы турады" деген жуўап болды. Бул артықша ҳәм жалған социаллық басымлар шаңарақ турақлылығына унамсыз тәсир көрсетип атырғанын аңлатады.

    Әлбетте, жәмийетти қыйнап атырған бундай мәселелердиң шешими де адамлардың өзинде болады. Сонлықтан, изертлеў шеңберинде усы машқалалардың шешими бойынша пикирлер де үйренилди.

    Сораўда қатнасқан пуқаралар, той-мерекелердеги артықша дәбдебе, ысырапгершилик ҳәм тек көрсетиў ушын өткерилетуғын, артықша қәрежетли, тоқыма мәресимлерди өткериўге қарсы гүресиў керек деген пикирлерди билдирген. Сондай-ақ, жәмийетте жасалма социаллық бәсеки арқалы келип шығып атырған экономикалық-руўхый кризиске қарсы қатаң илажлар көриўди усыныс еткен.

    Халықтың үлкен бөлеги мәмлекеттен той ҳәм басқа да мәресимлерди әдил ҳәм анық өлшемлер тийкарында тәртипке салатуғын нормативлик ҳүжжет қабыл етиўди сораған. Усының өзиде жәмийетте усы мәселеге байланыслы қатаң социаллық буйыртпа қәлиплескенин көрсетеди. Изертлеўде және бир унамлы тенденция бақланды - жәмийетимиз балалар билимлендириўине де айрықша итибар бере баслаған.

    Қатнасыўшыларға "Қаржыңыз турмыс дәрежесин тәмийинлеў ушын жетерли болса, артығын неге сарплаған болар едиңиз?" деген сораў берилди. Олардың 32 проценти қаржыны перзентиниң тәлим-тәрбиясына жумсаўды абзал көретуғынын айтқан. Демек, жәмийетимизде тапқанымыз тойға емес, билимлендириўге буйырсын, деген инсанлар көбейип бармақта.

    Той ҳәм басқа да мәресимлерди тәртипке салыўға байланыслы жаңа ҳүжжеттиң қабыл етилиўи тек ғана ҳуқықый илаж емес, ал жәмийеттиң ишки талабынан келип шыққан әҳмийетли реформа болып есапланады. Кейинги жыллары елимизде китапқумарлыққа кең итибар берилмекте. Руўхый-ағартыўшылық жумыслар заманға сай үгит-нәсиятланбақта. Бундай реформалар өз нәтийжесин бере баслады. Әсирлик машқалаға халқымыздың өзи шешим бермекте. Әҳмийетлиси, бундай өзгерислер илимий изертлеў, социологиялық сораўлар арқалы әмелге асырылып атырғаны ҳуқықый ҳүжжетке зәрүрлик бар екенлигин көрсетпекте.


    Суҳроб ХИДИРОВ,

    Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық

    орайы бөлим баслығы

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates