Соның ишинде, Ташкенттиң жаңа аэропортын "Ташкент-Арқа" вокзалы менен темир жол арқалы байланыстырыў усыныс етилген.
Бул режелер 2030-жылға шекем жергиликли жолаўшы тасыўды раўажландырыў стратегиясы жойбарында нәзерде тутылған. Ҳүжжет ҳәзирше жойбар статусында болып, Президент қарарының жойбары сыпатында усынылған.
Стратегияға бола, 2030-жылға шекем ири қалаларда аэропортлар ҳәм вокзалларды байланыстыратуғын үш темир жол линиясының қурылысы режелестирилген. Олар:
Ташкент вокзалы ҳәм жаңа аэропорт;
Бухара вокзалы ҳәм жаңа Бухара аэропорты;
Үргенш вокзалы ҳәм Үргенш халықаралық аэропорты арасында шөлкемлестириледи.
Ҳүжжеттиң қаржыландырыў бөлиминде Паркент — Ташкент жаңа аэропорты жөнелисиндеги және бир тармақ та келтирилген.
Биринши линияны 2026-жылы, қалған екеўин 2029-жылға шекем, үшеўин болса 2030-жылға шекем пайдаланыўға тапсырыў усыныс етилген.
Қурылыс ушын 68 миллион доллар ажыратылыўы мүмкин
Ташкент ҳәм Бухара жөнелислериндеги линияларды коммерциялық банклердиң кредитлери есабынан қаржыландырыў усыныс етилген.
Дәслепки есап-санақларға бола, 2029-жылы 30,6 миллион доллар, 2030-жылы болса 37,4 миллион доллар ажыратылыўы нәзерде тутылған. Жәми қаржы 68 миллион долларды қурайды.
Бирақ ҳәр бир линияның өз алдына баҳасы ҳәзирше көрсетилмеген. Үргенш жөнелисин қаржыландырыў дәреги де ҳүжжетте анық белгиленбеген. Қаржылар техникалық-экономикалық тийкарлар ислеп шығылғаннан кейин анықластырылатуғыны айтылған.
2027-жыл июльден Ташкент агломерациясында "Ташкент-Арқа" ҳәм "Ташкент-Қубла" вокзаллары, халықаралық аэропорт ҳәм орайлық автовокзал арасында бирден-бир транспорт қатнаўын шөлкемлестириў режелестирилген.
Шыршық, Янгиўл, Ангрен ҳәм Алмалықтан қатнайтуғын қала әтирапы электропоездларының санын 1,5 есеге арттырыў усыныс етилген. Жолаўшылар ушын болса поезддан метроға тиккелей өтиў имканияты жаратылады.
Стратегия жойбарында аэропортлар, темир жол вокзаллары ҳәм автовокзалларды байланыстырыўшы 20 жәмийетлик транспорт жөнелислерин басқышпа-басқыш иске қосыў нәзерде тутылған.
Режеге бола, бағдарлар саны 2026-жылы 5, 2027-жылы 8, 2028-жылы 14, 2029-жылы 16 ҳәм 2030-жылы 20 ға жеткериледи.
Транспорт түрлери арасындағы орташа өтиў ўақтын 2025-жылдағы 22 минуттан 2030-жылға барып 10 минутқа шекем қысқартыў мақсет етилген.
Буның ушын Ташкент, Самарқанд, Бухара, Үргенш, Нөкис ҳәм Ферғанада алты транспорт узели шөлкемлестириледи.
2028-жыл 1-январьдан "Бир жол" миллий санлы платформасын иске қосыў усыныс етилген.
Ол арқалы жолаўшылар поезд, самолёт, автобус ҳәм қала транспорты ҳаққында мағлыўмат алыўы, "есиктен-есикке" сапарын режелестириўи ҳәм бирден-бир электрон билет рәсмийлестириўи мүмкин болады.
2028-жыл 1-апрельден барлық транспорт түрлери ушын өз-ара муўапықластырылған бирден-бир кесте енгизиў режелестирилген.
2030-жылға шекем бирден-бир платформадан пайдаланатуғын жолаўшылардың үлесин 25 процентке жеткериў нәзерде тутылған.