Тәбият – өзимиз ямаса өмирге мүнәсип ескертиў

    2 желтоқсан 2024 13

    Ашық майданның бир ярым сотих әтирапындағы ҳәўлимизде онға шамалас мийўели терек ҳәм еки түп настарин бар еди.

    Әкемниң тапсырмасы менен гүзде олардан түскен жапырақларды қарындасларым сыпырып-тазалап, топлап қояды, мен үлкен қапшық, қалталарға салып, күн-ара бир шақырым узақта жайласқан - көше басындағы шығынды таслайтуғын жерге апарып келетуғын едим. Гейде дийўалдың қапталы терең қазылып, сарғайған жапырақларды көмип қойатуғын едик.

    Бир күни шығындыханаға алып барыўға да, жерге көмиўге де еринип, жыйналған жапырақларды жағып жибердим. Өзимше "ақыллы ис еттим, 5-6 қалтаны арқалап жүрейин бе, жанғаннан кейин, ярым шелек күлин алып таслайман", деп ойлаған едим.

    Ызғар жапырақлар пысқып, ашшы ҳәм қалың түтин шығарып жанды. Бир ўақытта дийўалдағы қоңсымыз Санобар апа жуўырып шықты. Мәҳәллемиздеги үлкенлерди жасына қарай "апа", "шеше", "абысын", "қайнаға" "ата" деп шақыра бердик.

    - Ҳәй бала, не қылып атырсаң? Не ушын жапырақты жақтың? Сен мениң үйимди түтин менен толтырдың ғой...

    Муртым сабыз урып, даўысым дүрилдеген, сөзлерим дағалласқан жас жигит ўақтым еди.

    - Не болыпты, ҳәзир 10 минуттан соң күлге айлаанды. Жапырақлар төгилип түсе берип жаныма тийди, жағып жоқ етпесем, илажы болмай атыр, апа, - дедим жақтырмай.

    - Сени үлкен жигит десем, кишкене баладан да жаман екенсең. Өшир, суў қуй. Ҳаўаны зәҳәрлеме, - деп апам өзи өртти сөндириўге киристи.

    - Есиклерди, терезелердиңизди жабың, не оншама қәўетерлене бересиз, - дедим дарылдап.

    Санобар апа қоймады, өртти өширди. Медицина тараўында узақ жыл ислеп, пенсияға шыққаны ушын мәселени маған, бир шетте қарап турған қарындасларыма қатты бақырып, ашыў менен түсиндирип берди:

    - Балам, екинши мәрте бундай етпе. Түтин, әсиресе, жапырақ жанғанда шығатуғын түтин жүдә зыянлы - шаң ҳәм микроблардан да жаман. Адамның дем алыў жолларын жарақатлайды, тәбиятқа, мине усы терек ҳәм өсимликлерге зыян жеткереди, ҳаўаны патаслайды. Завод-фабрикаларда адамлар арнаўлы нықап кийип ислегенин көргенбисең? Бул бийкарға емес, балам. Түтин жаман нәрсе. Және бир-еки күннен кейин жапырақлар төгилип болады. Шығындыханаға алып шығыўға еринбе, ҳеш нәрсе етпейди. Ендигиден былай жапырақларды жағып жүрме.

    Сол ўақытта үйлерине түтин толып кеткен қоңсылар да шықты. Жағдай кескинлесип, мәжилиске айланып кетти. Халил ата, Хосият апа, Турғун аға биреўи бақырып, биреўи шақырып, тәўир-ақ сөйлеп таслады. Төбемде турып, жапырақларды қапшыққа салдырып, "қаранғы түскенде апарып таслайман" дегениме қарамай, мени шығындыханаға жуўыртып жиберди.

    Арадан неше жыллар өткен болса да, апамның ескертиўлери елеге шекем ядымда қалды. Қаншама суўлар ағып кетседе, қаншама қаўын пискен болса да сол сөзлер қулағым астында жаңғырып тура береди. Әсиресе, 10-15 жыл бурын пайтахтымыз көшелеринде жапырақ жағыў ҳәўиж алған еди. Мәҳәллелерди, гүзарларды айтпағанда, орайлық көшелердиң шетлери, үлкен-киши қыябанлар менен майданларда да төгилген жапырақларды өртеп, түтини аспанға көтерилип атырғанын көргенимде апамның даўысын еситкендей болар едим. Жәмийетимизге Халил ата, Хосият апа, Турғун аға сыяқлылардың ескертиўи жетиспей атырғанынан пушайман.

    * * *

    Климат өзгериўлериниң унамсыз ақыбетлери айқын көзге таслана баслағанынан кейин, бүгин экологиялық жағдайды, тәбиятты сақлаўға дүнья көлеминде итибар күшейди. Машқала көлеми кеңейип, үлкейип, енди оның алдын алыў емес, ал сапластырыў илажларын кешиктирместен көриў талап етилмекте. Мәмлекетимизде де тәбият, экология, суўды үнемлеў ҳәм тәбият тазалығы, турақлылығын тәмийинлейтуғын көплеген мәселелерге оғада қатаң мүнәсибет қәлиплеспекте. Соның ишинде, ҳаўа ҳәм суўдың патасланыўы, топырақ эрозиясы, шөллениў, глобал ысыў, ҳәр қыйлы тәбийий апатшылықлар ҳәм олардың қоршаған орталық және халықтың денсаўлығына зыяны кескин илажлар көриўди, арнаўлы бағдарламалар ислеп шығыўды талап етпекте.

    2019-жылы Өзбекстан "жасыл" экономикаға өтиў стратегиясын қабыл еткен еди. Оған бола, жақын он жылда мәмлекетте углеродтың жумсалыўын кескин азайтыў, экономиканың барлық тармағына экологиялық таза ҳәм ресурс үнемлеўши технологияларды енгизиў, қайта тикленетуғын, нәтийжели энергия дәреклеринен кеңнен пайдаланыў нәзерде тутылған.

    Бул бағдардағы жумысларды жаңа, еле де жоқары басқышқа көтериў мақсетинде 2025-жыл елимизде "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылы" деп жәрияланды. Әлбетте, бул әҳмийетли ҳәрекет тийкарында ийгиликли мақсетлер жәмленген. "Жасыл" экономикаға өтиў, бәринен бурын, инсан мәпи ҳәм келешегине унамлы тәсир көрсетеди. Экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында "жасыл технологиялар"ды енгизиў халықтың турмыс сапасын жақсылайды, қоршаған орталық тазаланып, адамлар саламатлығы беккемленеди, өмир көриў даўамлылығы узаяды, аналар ҳәм балалар өлими азаяды.

    Президентимиздиң 2024-жыл 5-июньдағы "Өзбекстан Республикасында "жасыл" экономикаға өтиўде миллий ашық-айдынлық системасын енгизиў илажлары ҳаққында"ғы қарарында "жасыл" экономиканы жедел раўажландырыў, алдынғы халықаралық стандартларға муўапық бул бағдарда ашық-айдынлық дәрежесин түп-тийкарынан арттырыўға айрықша итибар қаратылған.

    Олий Мажлис Нызамшылық палатасының усы жыл 20-ноябрь күни болып өткен мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзинде Президентимиз экология ҳәм климат өзгериўи мәселелерине айрықша тоқтап, ҳаўа ҳәм суўдың патасланыўы, топырақ эрозиясы, шөллениў, қазылма жанылғылардың есапсыз пайдаланыўы глобал ысыўға, тәбийий апатшылықлардың көбейиўине алып келип атырғаны, қоршаған орталық ҳәм халықтың ден саўлығына зыян жеткерип атырғаны айтылған еди.

    Бүгин қәнигелер жаңа жылға берилген атама мәмлекетимизде экологиялық машқалаларды шешиў ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў бағдарында әҳмийетли қәдем болғанын атап өтпекте. Бул баслама тек ғана экологиялық машқалаларды шешиў емес, ал экономикалық өсиўди еле де турақлы ҳәм жасыллық бағдарында әмелге асырыўға қаратылғаны ҳәр қыйлы таллаўларда атап өтилмекте.

    Елимиздиң гөззал тәбияты, таза ҳаўасы, тынық, таза ҳәм шыпалы суўы ҳәр қандай адамды өзине тартады. Мине, усындай бийтәкирар гөззаллықты қәстерлеп сақлаў, келешек әўладқа жеткериў ҳәр биримиздиң муқаддес ўазыйпамыз.

    Бул мәжилисте мәмлекетимиз басшысы және бир әҳмийетли тәрепке айрықша итибар қаратты. Бул жасларда экологиялық мәдениятты қәлиплестириў, олардың қәлбинде ўатанға, ел-журтқа сүйиспеншилик, муҳаббат сезимлери қатарында тәбиятты сүйиў, оны қадирлеў сыяқлы пазыйлетлердиң орналасыўына ерисиў болып есапланады.

    "Жасларымыз санасында миллий мақтаныш пенен бирге улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет сезимин жетилистириў мақсетинде жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты жетилистириў зәрүр. Перзентлеримизди заманагөй билим ҳәм көзқарас, дәраматлы кәсип ийелери етип тәрбиялаў, оларды илим, IТ технологиялар, руўхыйлық, көркем өнер ҳәм әдебият, спорт пенен дос болыў ушын ҳеш нәрсени аямай, бар күш ҳәм имканиятларымызды жумсаймыз," деди Президентимиз.

    Мәмлекетимиз халқы 2030-жылға барып 40 миллионға, 2050-жылы 50 миллионға жетиўи күтилмекте. Бүгин жәмийеттиң ярымынан көбин жаслар қурайды. Оларға мүнәсип, қолайлы шараят жаратыў ушын болса турақлы экономика, қәўипсиз мәмлекет, нәтийжели басқарыў, социаллық кепилликлер болыўы керек. Экология тараўындағы реформалар, әмелге асырылатуғын системалы ҳәм избе-из әмелий илажлар социаллық белсенди халықтың қатламлары, биринши гезекте, руўхый мийрасымызға садықлық, нызамларға ҳүрмет ҳәм бойсыныў менен қарайтуғын пуқараларды тәрбиялаўда әҳмийетли. Ол мине усы тәрепи менен келешек ушын тийкар жаратып барады.

    Жаслардың санасына экологиялық мәдениятты халқымыздың тәбиятты сақлаў менен байланыслы әсирлик дәстүр ҳәм қәдириятлар арқалы сиңдириў ең мақул шешим болып табылады. Әййемнен шаңарақта бала туўылса, әке жақсы нийет пенен терек еккен. Ҳәўли ҳәм көшелерден ағып өтетуғын салмаларға шығынды тасламаў, суўға түпирмеў бойынша кекселер жасларға үйреткен. Муқаддес дерек ҳәм әййемги рәўиятларда да еркек адам өмири даўамында үй қурыўы, терек егиўи ҳәм жетик перзент өсириўи зәрүр екенлиги атап өтилген.

    Шаңарақта экологиялық тәрбияның нәтийжели системасын жаратыў - ең әҳмийетли ўазыйпалардан бири. Ҳәр биримиз экологиялық билим, экологиялық мәдениятты, бәринен бурын, шаңарағымыздан баслаған ҳалда жасларды келешекке, қоршаған орталыққа, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясына меҳир-муҳаббат руўхында тәрбиялаўымыз зәрүр. Балаларда экологиялық сана ҳәм түсиниклер киши жастан қәлиплескен сайын, бул тәрбия сонша үлкен нәтийже береди. Балалар тәбиятты сақлаў, бәринен бурын, өзлерин ҳәм жақынларымызды сақлаў, деген пикирге келеди, соған әмел етеди.

    Тәбият - өзимиз. Инсан тәбияттың ажыралмас бир бөлеги. Жеримиздиң қушағынан шыққан ҳәр бир өсимлик, ҳәр бир терек, тоғайлар, ҳайўанат дүньясы - әжайып! Бул тәбийий байлыққа қол урылыўының алдын алыў, қорғаў тек ғана тараў хызметкерлериниң жумыс емес, ал бәршениң миннети ўазыйпасы болып табылады. Себеби, тазалық, экологиялық теңсалмақлылық ҳәммемизге бирдей тийисли мәселе.

    Нодир МАҲМУДОВ,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы