Ана табият бизга дос

    26 қараша 2024 21

    Президентимиз 3 жыл бурын "Жасыл мәкан" улыўмамиллий жойбарының басламасын алға қойып, ҳәзирги ҳәм келешектеги экологиялық жағдайды есапқа алған ҳалда терек егиў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилип атырғаны, соның ушын бул улыўмамиллий жойбарды пуқта таярлық тийкарында, пулы, ийеси, суўғарыў системасы менен әмелге асырыў зәрүр екенлигин атап өткен еди.

    Өткен жыллар даўамында бул баслама кеңнен ен жайып, бәршемизди бирден-бир жасаў орны - ана планетамыздың абатлығы ҳәм тазалығы жолында бирлесиў, тәбийий байлықларды қәстерлеп сақлаў ҳәм қорғаўда бир болыўға шақыратуғын ийгиликли ҳәрекетке айланды. Ҳәр жылы бәҳәр ҳәм гүзде терек нәллерин егиў бағдарындағы әзелий қәдириятларымыз және де жанланды. Бундай илажларды шөлкемлестириў ҳәм шөлкемлескенлик пенен өткериўде Президентимиздиң өзи бәрқулла үлги болып келмекте.

    Быйыл да бул дәстүр даўам еттирилип, пайтахтымыздың Бектемир районында, Ташкент айланба жолы бойында қурылып атырған жасыл аймақта нәл егилди. Мәмлекетимиз басшысы бул жерде қатнасқан жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм сырт елли дипломатлар менен сәўбетлести, ийгиликли басламаға үлес қосып атырғаны ушын миннетдаршылық билдирди.

    "Жасыл мәкан" жойбарында қалалардың жасыллық дәрежесин 30 процентке жеткериў, атап айтқанда, олардың әтирапында "жасыл белбеў" жаратыў мақсети белгиленген. Бектемир районы аймағында, айланба жол бойында қурылып атырған жасыл аймақ Ташкент "жасыл белбеўи"ниң бир бөлеги болып есапланады. Және бир итибарлы тәрепи, бул жерде тәбийий тоғай түри пайда етиледи. Оның ушын 100 гектар жер ажыратылып, еки жылда жәми 100 мың түп терек нәли егиледи. Оларды тәрбиялаў ушын 3 жасалма суў бассейни ҳәм 12 қудық қазылады.

    Соның менен бирге, елимизде жасыл аймақларды кеңейтиў мақсетинде келеси жылы ҳәр бир районда кең жәмийетшиликтиң қатнасында экологиялық паспортлар ҳәм экологиялық рейтинг ислеп шығылады. Ири кәрханалардың экологиялық өндириске өтиўин қоллап-қуўатлаў системасы енгизиледи. Шығындыларды қайта ислеў бойынша улыўма баҳасы 1 миллиард 300 миллион долларлық жойбарларды әмелге асырыў басланады.

    Бүгин планетамызда жүз берип атырған глобал экологиялық машқалалар инсанияттың келешек тәғдирине қатаң қәўип салып атырған бир ўақытта елимизде әмелге асырылып атырған бундай экологиялық жойбарлардың әҳмийети және де айқын көзге тасланады. Себеби, климат өзгериўи менен келип шығатуғын суў тасқынлары, ишимлик суўының азайып және патасланып атырғаны, жер деградациясы сыяқлы экологиялық апатшылықлардың алдын алыў ҳәм унамсыз тәсирин азайтыўдың бирден-бир жолы тәбият пенен қатнасықта үйлесимлиликке ерисиў, оны қәдирлеў ҳәм қәстерлеп сақлаў болып есапланады.

    Тилекке қарсы, бүгин дүньяда жүз берип атырған қурамалы геосиясий процесслерде бул мәселелерге жетерли дәрежеде итибар берилмекте, деп болмайды. Президентимиз халықаралық минберлерде ҳәм абырайлы халықаралық әнжуманларда оларға халықаралық жәмийетшиликтиң итибарын турақлы тартып келмекте. Соның менен бирге, тек ғана миллий ҳәм регионаллық емес, ал пүткил инсаният тәғдирине байланыслы болған әҳмийетли басламалар алға қойылмақта, әмелий жумыслар көбеймекте. "Жасыл мәкан" улыўмамиллий жойбары усындай ийгиликли илажлардан бири. Бул бағдарлама бир қатар аймақларда, соның ишинде, Аралбойындағы экологиялық жағдайды жақсылаўға хызмет етпекте.

    Қалаберсе, қоңсы мәмлекетлер менен биргеликте Регионаллық климат стратегиясын әмелге асырыўға кирисилди. Пайтахтымызда Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгерислерин үйрениў университети шөлкемлестирилди. Бул бағдарда басланған ийгиликли жумысларымызды жаңа, еле де жоқары басқышқа көтериў мақсетинде 2025-жыл мәмлекетимизде "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылы" деп жәрияланды.

    Президентимиз келеси жыл атамасының мазмун-мәниси, әҳмийети ҳаққында тоқтап, "Биз тәбият ҳаққында сөз еткенде, көбинесе "ана тәбият" деген сөзди қолланамыз. Бул әпиўайы, поэзиялық сөз емес, ал оның тийкарында терең турмыслық ҳақыйқат бар, деп ойлайман. Себеби, тәбиятты сақлаў - инсанды сақлаў дегени," деп атап өтти.

    Ҳақыйқатында да, турмысымыз ушын зәрүр болатуғын барлық байлықларды ана тәбият қушағынан аламыз. Жылдан-жылға жер жүзинде халық санының көбейиўи болса бул байлықларға талап ҳәм мүтәжликти арттырмақта. Қалаберсе, тәбийий резервлерден пайдаланыўда ҳәмме де бирдей үнемликке, ақылға уғрас қатнаста әмел етеди, деп болмайды. Бирақ, инсанның мүтәжликлери қаншелли шексиз болмасын, тәбият ресурслары шекленген.

    Тәбият байлықларына мине усындай бийпәрўалық, итибарсызлық пенен пайдаланыў бүгинги күнге келип өз нәтийжесин де көрсетиўге үлгерди. Суў жетиспеўшилиги, жер деградациясы, климат өзгериўи себепли келип шығатуғын экологиялық кризислер турмыс тәризимизге тәсирин көрсетпей қалмай атыр. Бундай жағдайда елимизде экологиялық теңсалмақлылықты тәмийинлеўге қаратылған ийгиликли ислер, ийгиликли басламалардың инсанияттың келешек тәғдирин сақлаў ҳәм турмысымыздың даўамлылығын тәмийинлеўде қаншелли әҳмийетли орны ҳәм өз ўақтында, узақты гөзлеп басланған ийгиликли ис екени айқын көзге тасланады.

    Инсан ҳәм тәбият қаншелли тығыз байланыслы екенлигин көрсетиўши дәлиллер көп. Мысалы ушын, изертлеўлерден белгили, бир адамның кислородқа болған талабын бир күнде қанаатландырыў ушын 22 терек керек. Қалаберсе, инсанның тиришилигин тәмийинлеў ушын таза суў, сапалы ҳәм тойымлы азық-аўқат, кийим-кеншек зәрүр. Шаң-тозаңнан жырақ, тыныш ҳәм шаўқымсыз, таза-азада мәканларда, жазда салқын, қыста ыссы үйлерде турмыс кешириўимиз ушын керек болатуғын барлық дәреклердиң тийкары тәбияттан алынады. Солай екен, бир нәрестениң дүньяға келиўи, өсип-өсиўи, камалға келиўи ушын ана қаншелли жанын пида етсе, инсанның бул дүньяда жасаўы, арзыў-нийетлериниң жүзеге шығыўында да тәбият пүткил барлығын бизге бағышлайды.

    Бул пайызлы турмысымыз даўамлы болыўы ушын тәбияттың ҳәр бир инамынан үнемлеп, ақылға уғрас пайдаланыў әҳмийетли. Бул ҳақыйқатты терең аңлаған ата-бабаларымыз әзелден турмыс тәризин тәбият пенен үнлес қәлиплестириўди турмыс өлшемине айландырған. Усы тийкарда экологиялық турақлылыққа хызмет ететуғын ийгиликли қәдириятлар қәлиплескен ҳәм әсирлер арқалы жасап келмекте. Терек егиў, бағ жаратыў, суўды патасламаў, жерди ҳүрмет етиў, ҳайўанларға зыян жеткермеў сыяқлы қәдириятлар усылар қатарына киреди. Бул дәстүрлер әмелий ҳәрекетке айландырылыўы нәтийжесинде ата-бабаларымыздан бизге көплеген жасыл бағлар мийрас болып қалған. Бала туўылған шаңарақта оның келешегин гөзлеп терек егилген. Жақсы нийетте отырғызылған бул тереклер жигит ер жеткенде оған арнап үй қурыўда пайдалы болған.

    Президентимиз бул мәңги дәстүрлеримиздиң өмир даўамлылығын тәмийинлеўдеги әҳмийетине тоқтап өтип: "Халқымыз тәбиятты "ана" дейди, жерди, суўды қәдирлейди. Буның негизиндеги ҳақыйқат ҳәзирги экологиялық машқалалар тәсиринде айқын көзге тасланбақта. Соның ушын "Жасыл мәкан" жойбарын басладық. Келеси жылдың атын да қоршаған орталықты сақлаў мәселесине бағышладық. Енди бул басламалар кеңнен ен жайылыўы, әсиресе, жасларымызға терең сиңиўи зәрүр. Ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир кәрхана тәбиятты сақлаўға үлес қосыўы керек," деп атап өтти.

    - Президентимиздиң басламасы менен жәмийетимиздиң ҳәр бир бағдарында әҳмийетли реформалар әмелге асырылмақта, - дейди Олий Мажлис Сенатының Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология комитетиниң баслығы Анвар Туйчиев. - Әсиресе, тәбиятты қорғаў, экология, "жасыл" экономиканы раўажландырыў бағдарында үлкен-үлкен жойбарлар орынланбақта. Өткен жыллары "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде миллион-миллион түп мийўели, саяманлы терек нәллери, басқа да нәллер егилди. Нәтийжеде республикамызда жасыл бағлар, көклемзарластырылған аймақлар кеңейди. Бул бағдардағы жумысларды жаңа, еле де жоқары басқышқа көтериў мақсетинде 2025-жыл "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылы" деп жәрияланды. Бул ана тәбиятты сақлаўдай ийгиликли ислер даўам ететуғынын билдиреди. Бул бағдарда мәмлекетимиз басшысы алға қойған идея, баслама ҳәм режелерди әмелге асырыў барлық тараў қәнигелери қатарында сенаторлардың алдына да үлкен жуўапкершилик жүклейтуғыны тәбийий.

    "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде елимизде ҳәр жылы 200 миллион түп терек нәлин егип, жасыллық көлемин 2030-жылға шекем 30 процентке жеткериў мақсет етилген. Кейинги жыллары бул көрсеткиш 12 процентке жетти. Соның ишинде, быйыл бәҳәрде 138 миллион түп нәл егилди. Жыл басынан берли 10 мың гектардан аслам "жасыл белбеў," министрликлер ҳәм ҳәкимликлер 257 бағ қурды. Аралбойында жасыл қаплама 2 миллион гектардан асты.

    Усы жылдан баслап, жол, дәрья ҳәм каналларға тутас 2 мың гектар жер 10 мың халық ҳәм исбилерменлерге егиў ушын ижараға берилди. "Мениң бағым" жойбары шеңберинде бюджеттен 49 миллиард сум ажыратылып, мәҳәллелерде 215 жаңа бағ жаратылмақта. Бул ҳәрекетлерди Тәбиятты қорғаў халықаралық аўқамы, Шөллениўге қарсы гүресиў конвенциясы атқарыўшы уйымы да тән алмақта. Ең әҳмийетлиси, елимизде жасыл аймақлардың кеңейиўи, бәринен бурын, халқымыздың саламат қоршаған орталықта жасаў ҳуқықын кепиллеп, турақлы раўажланыў факторы болмақта.

    Ҳәзирги күнлерде елимиздиң барлық аймақларында бул ийгиликли жумыслар даўам етпекте. Нәл егиў жумысларын шөлкемлескенлик пенен шөлкемлестириўде ең үлкен күш ҳәм имканият мәҳәллелерде. Себеби, жасыллық, абатлық, дөретиўшилик жумыслары ҳәр биримиздиң шаңарағымыздан, мәҳәллемизден басланса ғана турмыслық нәтийжеси жоқары болады. Қалаберсе, жасыл мәканларды кеңейтиўде халықтың белсендилиги, бул тараўдағы жумысларға қатнасы және де артады. Усы мақсетте мәҳәллелеримизде гүзги нәл егиў жумыслары шөлкемлескенлик пенен шөлкемлестирилмекте.

    Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясынан мәлим етилиўинше, усы жылы 21-октябрьде мәмлекетимиз басшысының басшылығында "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңбериндеги жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм келешектеги тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша болып өткен видеоселектор мәжилисинде берилген тапсырмалар бойынша бирлеспениң тийисли буйрығы тастыйықланып, усы тийкарда жумыслар алып барылмақта. Тапсырмаға тийкарланып, мәҳәллелердиң барлығында "жетилик" ағзалары, билимлендириў ҳәм медицина мәкемелери, көше бийлери ҳәм абырай-мәртебеге ийе ўәкиллерден ибарат үгит-нәсият топарларының жумысы жолға қойылды.

    Республика бойынша "Жасыл мәкан" платформасында 16 миллион түптен аслам мийўели ҳәм саяманлы нәл егиў белгиленген. Усы жылдың 25-ноябрь жағдайына 12 миллион 283 мың түп мийўели ҳәм саяманлы нәл егилип, "Жасыл мәкан" платформасына жайластырылды. Буннан тысқары, республика бойынша 20 миллион түптен аслам мийўели ҳәм саяманлы нәл егиў ўазыйпасы белгиленген ҳәм ҳәзирги күнге шекем 15 миллион түптен аслам нәл егилди. Бул нәллерди де "Жасыл мәкан" платформасына киргизиў илажлары көрилмекте. Ҳәзирги ўақытта мәҳәллелеримизде нәл егиў бойынша "әҳмийетли айлық" даўам етпекте. Бул жумыслар аймақларымызда жасыл майданларды кеңейтиў ҳәм халқымыз саламат ҳәм узақ өмир сүриўи ушын қолайлы экологиялық орталық жаратыўда әҳмийетли фактор болмақта.

    Әлбетте, бүгин халқымыздың, барлық мийнет жәмәәтлериниң ҳәрекети менен егилип атырған бул нәллерди қәстерлеп сақлаў ҳәм тәрбиялаў да әҳмийетли. Буның ушын экологиялық мониторинг ҳәм қадағалаў жумысларын жүргизиў жолға қойылған. Эколог қәнигелеримиз ҳәм жуўапкер уйымлардың хызметкерлери "Жасыл мәкан" улыўмамиллий жойбары ҳәм тереклерди кесиўге жәрияланған мораторийдиң орынланыўын турақлы үйренип бармақта. Буннан тысқары, қорғалатуғын тәбийий аймақлар ҳәм ҳайўанат дүньясын қорғаў, суў бассейнлери ҳәм дәрья аңғарларын қорғаў, шығындылар менен ислесиў тараўындағы жумысларды жетилистириў бойынша системалы түрде жумыслар алып барылмақта.

    Бул ҳәрекетлердиң тийкарғы мақсети ата-бабаларымыз бизге аманат ҳәм мийрас етип қалдырған бийбаҳа тәбияттың байлықларын ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм келешек әўладларға зыян көрмей жетип барыўын тәмийинлеў болып табылады. Жер жүзинде экологиялық теңсалмақлылық турақлы, ана тәбият бизге жақын болса, турмысымыз абат, келешегимиз жарқын ҳәм даўамлы болады.

    Баҳор ХИДИРОВА,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы.