Темир жол тараўында басланған кең көлемли трансформация процесслери ҳәзирдиң өзинде өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте. Тараў биринши мәрте өткен жылды сап пайда менен жуўмақлап, усы жылдың тоғыз айында 800 миллиард сумнан аслам сап пайда көрген. Транзит ҳәм жолаўшы тасыў, экспорт ҳәм инвестициялар көлеми артпақта.
Презентацияда бул нәтийжелер менен шекленип қалмастан, халықтың ҳәм экономиканың өсиўине қарап, темир жол транспорты хызметлериниң сапасын ҳәм көлемин арттырыў, тараўдағы қәрежетлерди азайтыўды даўам еттириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Атап айтқанда, тасыўларды есапқа алыўдан баслап, транспорт ағымын басқарыўға шекемги барлық басқышларда жасалма интеллект тийкарында қадағалаўды енгизиў, қәрежетлерди таллаў ҳәм жүз бериўи мүмкин болған зыянларды анықлаў арқалы өзине түсер баҳаны 20 процентке азайтыў мүмкин екенлиги атап өтилди.
2026-2030-жылларда жолаўшы ҳәм жүк тасыў көлемин кеминде еки есеге арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Оның ушын 151 километр жаңа темир жол қурыў, 182 километр әмелдеги темир жолларды электрлестириў, 27 станция ҳәм 1 мың километр темир жолды модернизациялаў режелестирилген.
Атап айтқанда, "Нурафшан - Пискент - Бўка - Бекабад - Боёвут - Янгиер" ҳәм "Ховос - Даштобод" жөнелислеринде жаңа электрлестирилген темир жол тармақлары қурылады. "Қумқорған - Қудықлы", "Самарқанд - Ургут" ҳәм "Байтқорған - Паркент" жөнелислерин электрлестириў, "Ташкент - Самарқанд", "Тоқимачи - Ангрен" ҳәм "Ангрен - Пап" жөнелислериниң өткериў қуўатлылығын арттырыў режелестирилген.
Қала әтирапында темир жол тасыў хызметлерин жеделлестириў мақсетинде ҳәзирги 40 бағдарға қосымша 15 жаңа жөнелис ашыў усыныс етилмекте.
Атап айтқанда, "Ташкент - Нурафшан - Ахангаран - Ангрен", "Наўайы - Зарафшан - Үшқудық", "Каган - Наманган - Әндижан - Марғулан", "Термиз - Қумқорған - Байсын - Дарбанд", "Нөкис - Шават - Үргенш - Хийўа", "Жиззақ - Дослық - Айдар-Арнасай", "Қаршы - Шаҳрисабз" сыяқлы жөнелислер арқалы қала әтирапындағы қатнаўлардың жолға қойылыўы халықтың күнделикли қатнаўы ушын қолайлы шараят жаратыў имканиятын береди.
Мәжилисте жоқары тезликте ҳәрекетленетуғын поездлар тармағын кеңейтиў мәселеси де көрип шығылды. Улыўма узынлығы 102 километр болған "Наўайы-Бухара" темир жолын тезлестирип пайдаланыўға тапсырыў бойынша тапсырма берилди. Бул жөнелистиң иске қосылыўы жүк ҳәм жолаўшы тасыў ўақтын ҳәм қәрежетлерин сезилерли қысқартыў имканиятын беретуғыны атап өтилди.
Сондай-ақ, жақын жылларда жаңадан ашылып атырған ҳәм қурылып атырған жөнелислер ушын локомотив ҳәм вагонлар паркин кеңейтиў режелери белгилеп алынды.
Атап айтқанда, Қытайдан 38 магистраль, 50 маневр ҳәм гибрид локомотив сатып алыў режелестирилген. Кореяның «Hyundai Rotem» компаниясы менен биргеликте келеси жылы "Ташкент-Үргенш-Хийўа" жөнелисинде 6 жоқары тезликте ҳәрекетленетуғын электропоезд алып келип, бириншисин пайдаланыўға тапсырыў ўазыйпасы қойылды. Бул арқалы жолға кететуғын ўақыт ҳәзирги 14 сааттан 7,5 саатқа шекем қысқарыўы күтилмекте.
Сондай-ақ, 250 заманагөй жолаўшы вагонын ислеп шығарыў ҳәм 23 қалалараралық электр поездын алып келиў есабынан жолаўшы тасыў шараятлары кеңейтиледи. 10 мың жүк вагонын таярлаў, 6 мыңнан аслам жүк вагонларын тиклеў, 12 электровозды толық оңлаў бойынша тапсырмалар берилди.
Сондай-ақ, темир жол тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Буннан тысқары, ушырасыўда "Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан" темир жолын қурыў бойынша әмелий жумыслардың барысы көрип шығылды.
Президентимиз бул жол Орайлық Азияда транспорт байланыслылығын арттырыў ҳәм мәмлекетимиздиң транзит потенциалын буннан былай да беккемлеўде стратегиялық әҳмийетке ийе екенин атап өтип, қурылыс жумысларының сапасын тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берди.
Ушырасыў соңында жуўапкерлерге темир жол тармағын модернизациялаў ҳәм кеңейтиў жойбарларын өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў, санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллекттен кеңнен пайдаланыў, қәрежетлерди оптималластырыў, тараўда жолаўшылар ҳәм бизнес ушын және де қолайлы, қәўипсиз ҳәм исенимли орталық жаратыў бойынша анық тапсырмалар берилди.