Тоқымашылық мәмлекетимиз экономикасы көлеминиң 3 процентин, санааттың 14 процентин жаратып атырған ири тармақ болып есапланады. Бул бағдарда 500 мыңнан аслам адам жумыс пенен бәнт. Кейинги бес жылда 3,5 миллиард долларлық 396 кәрхана иске қосылды. Өндирис көлеми 10 миллиард долларға жетти.

Бирақ дүнья базарындағы өзгериўшең жағдай, талап ҳәм баҳаның төменлеўи тараўды қоллап-қуўатлаў бойынша жедел илажлар көриўди талап етпекте.

Соңғы үш жылда дүньяда пахтаның баҳасы тоннасы ушын орташа 3 мың доллардан 1,5 мың долларға түсти. Оған бейимлесиў ушын 2022-2023-жыллар ушын пахта шийки затына берилген жеңиллетилген кредит 3 мәрте создырылды, өткен жылы ҳәр бир тоннаға 1 миллион сумнан субсидия берилди.

Көплеген тоқымашылық кәрханаларының коммерциялық кредиттен қарыздарлығы бар. Тек ғана 16 процент кәрхана халықаралық сертификатқа ийе. Ақыбетинде олардың сыртқы базарда бәсекилесиўи қыйын болмақта.

Өзбекстанға қарсы "пахта бойкоты" бийкар етилгенине бираз ўақыт болды. Сондай-ақ, мәмлекетимиз Европаға бажысыз экспорт етиў имканиятын беретуғын “GSP+” жеңилликлер системасына қосылған. Бирақ брендлер менен бирге ислесиў ҳәм экспорт көлеми буған жараса емес.

Тараўдағы усындай машқалаларды үйрениў ушын, Президент тапсырмасына бола, 200 ден аслам исбилерменлер менен сөйлесилди. Мәжилисте олардың таллаўынан келип шығып, жаңа имканиятлар ҳәм ўазыйпалар белгиленди.

Бәринен бурын, финанслық саламатландырыў ҳәм өзине түсер баҳаны азайтыў мәселелерине итибар қаратылды.

Быйыл кластерлердиң 2022-2023-жыллар зүрәәти ушын кредиттен қарыздарлығы гиреў қойыў шәрти менен бес жылға шекем созылған еди. Енди, 1-августтан гиреўи тайын кластерлер тек ғана тийкарғы қарызды төлейди. Аўыл хожалығы қоры ҳәм банклерге есапланатуғын процентлер болса тийкарғы қарыз толық қапланғанынан кейин өндириледи. Егер кластерлер ҳәм тийкарғы қарызды, ҳәм процентин өз ўақтында төлесе, проценттиң қорға кететуғын бөлегиниң ярымы исбилерменге қайтарылады.

Сондай-ақ, кластерлерге 2022-2023-жыллар зүрәәти ушын берилген кредит бойынша 1-август ҳалатына жүзеге келген 377 миллиард сумлық пенядан ўаз кешиледи. Коммерциялық кредиттен миннетлемеси болған 144 кәрхананы финанслық саламатландырыўға жәрдем бериледи.

Быйылғы пахта өнимин өз ўақтында терип алыў ушын фермерлерге тоннасына 1 миллион сумнан субсидия бериледи. Кәрханалар өз қаржысы есабынан пахта жетистирсе ямаса сатып алса, шийки зат баҳасының 10 проценти қаплап бериледи.

Енди тоқымашылық шынжырындағы барлық кәрханаларға социаллық салық ставкасы 1 процент етип белгиленеди. Онда социаллық реестр бойынша талап бийкар етиледи, улыўма жумыста тоқымашылық үлесине талап болса 90 проценттен 70 процентке түсириледи.

Өз хызметкерлериниң балалары ушын бақша шөлкемлестирген кәрханаларға, жеке меншиклердегидей, ҳәр бир тәрбияланыўшы бойынша субсидия ажыратылады.

Ийирилген жиптиң өзине түсер баҳасына электр энергиясының баҳасы да тәсир етпекте. Соның ушын енди кәрханаларға өз мүтәжлиги ушын орнатылған қуяш панеллерин тармаққа жалғаўға рухсат бериледи.

Бундай имканиятлар искерликти раўажландырыў ушын таяныш болады. Өзинде талшықты қайта ислеў қуўатлылығы жоқ кластерлер ийириў кәрханалары менен нәтийжели кооперация системасын жолға қойыўы зәрүр. Болмаса, кейинги жылдан олардың кластер статусы бийкар етиледи ҳәм пахта зүрәәти ушын жеңиллетилген кредит берилмейди.

Ҳүкиметке бундай кластерлер ушын тартымлы финанслық илажларды енгизиў тапсырылды.

Мәжилисте өндирис ҳәм экспортты арттырыў мәселелери де ҳәр тәреплеме талланды.

Елимизде таярланып атырған ийирилген жип ҳәм гезлемениң баҳасы бәсекилеслерге салыстырғанда орташа 10-15 процент жоқары. Себеби өнимлеримиз қурамының 90 проценти пахта. Дүньяда болса жасалма талшық ҳәм аралас гезлеме көп қолланылады.

Соның ушын кәрханаларымызды арзан шийки зат пенен тәмийинлеў мақсетинде 2028-жыл 1-январьға шекем аралас гезлеме ҳәм гезлеме бажыхана бажысынан азат етилетуғыны белгиленди.

Енди бир неше бояў кәрханалары бирлесип, суў тазалаў имаратын қурмақшы болса, қәрежетиниң бир бөлеги Саўданы раўажландырыў компаниясынан қаплап бериледи.

Экспорт етиўши кәрханаларға районларда филиал ашыў ушын Саўданы раўажландырыў компаниясынан бес жыл мүддетке 10 миллиард сумға шекем Орайлық банктиң тийкарғы ставкасында кредит ажыратылады. Сырт елли дизайнер, технолог, конструктор ҳәм маркетологлардың айлық мийнет ҳақысы қаплап бериледи. Тек ғана шәрти - 200 жумыс орнын ашыў ҳәм адамларға мүнәсип мийнет ҳақы төлеў керек.

Дүнья базарларына шығыўда ең әҳмийетли мәселе - сапа ҳәм стандарт. Сонлықтан Техникалық тәртипке салыў агентлигине тоқымашылық кәрханаларының халықаралық сертификат алыўына жәрдемлесип, оларды 300 ге жеткериў ўазыйпасы қойылды.

Европа ҳәм АҚШ базарына таяр кийим-кеншек экспортын кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Атап айтқанда, Америкада жылына дерлик 100 миллиард долларлық тоқымашылық базары бар. Талапқа бейимлесиў арқалы онда орын ийелеў мүмкин. Усы мақсетте Нью-Йорк ҳәм Сент-Луис қалаларында саўда үйлерин ашыў бойынша көрсетпе берилди.

Сыртқы ислер министрлиги ҳәм елшилерге ири брендлер менен бирге ислесиў бойынша "жол картасы"н ислеп шығыў, оларды Ташкентте болатуғын ири көргизбеге мирәт етиў тапсырылды.

Кәрханалардың жумысында жасалма интеллектти қолланыў арқалы дәраматты 20-30 процентке арттырыў ҳәм жасырын экономика факторын азайтыў мүмкин екенлиги атап өтилди. Бул бағдарда тоқымашылық кәрханаларында “ERP” системасын енгизиў бойынша бағдарлама ислеп шығылады.

Мәжилисте шөлкемлестириў мәселеси де көрип шығылды. Дүньяда саўда қағыйдалары тез өзгерип атырған шараятта тараўды басқарыўда айрықша қатнас жасаўға зәрүрлик туўылып атырғаны айтылды.

Сол себепли Жеңил санаатты раўажландырыў агентлиги шөлкемлестирилетуғын болды. Ол тоқымашылық, былғары ҳәм жипек санааты тармақларына жуўапкер болады.

Агентлик ушын өз алдына қор дүзилип, мәмлекетлик жәрдем ҳәм кәрханаларға арзан айланыс қаржы усы арқалы бериледи. Қорға 200 миллион доллар ажыратылады. Шөлкем жанында тәжирийбели исбилерменлерден ибарат кеңес де дүзиледи.

Жаңа агентликке усы кеңес пенен биргеликте өзине түсер баҳасы, өндирис ҳәм экспорт бойынша нәтийжелиликти арттырыў, кооперацияны күшейтип, төмен қуўатлылықта ислеп атырған кәрханаларды саламатландырыў ўазыйпасы қойылды. Халықаралық мәсләҳәтшилерди тартып, тоқымашылықты 2030-жылға шекем раўажландырыў бағдарламасын ислеп шығыў, сондай-ақ, былғары, жипек ҳәм гилемшилик санаатын кеңейтиў бойынша тапсырмалар берилди.

Бас министрге белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы үстинен қатаң қадағалаў орнатыў тапсырылды.

Мәжилисте тараўдағы үлгили тәжирийбелер көрип шығылды, тармақ басшылары ҳәм исбилерменлердиң пикирлери тыңланды.