УзАның жазыўынша, жойбар биринши басқышта Ташкенттен Ангренге шекемги 171 километр жол ҳәм Қамшық өткелин қамтып алады. 2025-жыл 21-январьда жойбар концепциясы Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланған.
Жәҳән банки жәрдеминде «Arup and Partner’s», «PWC» ҳәм «CMS Cameron» сыяқлы абырайлы халықаралық консултантлар тартылған болып, олар ҳүкиметке жеке меншик шериклерди таңлаўда консултант сыпатында жәрдем бермекте.
Тендер процеси еки басқышта өткериледи. Биринши басқышта қатнасыўшы компаниялар дәслепки квалификациядан өтиў ушын ҳүжжетлерди усынады. Екинши басқышта болса сайлап алынған компаниялар техникалық ҳәм финанслық усынысларын усынады. Жеңимпаз мәмлекетлик-жеке меншик шериклик нызамшылығы тийкарында шәртнамаға қол қойыў арқалы анықланады.
Ташкент-Әндижан төлемли автомобиль жолы Өзбекстанның жол инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм транспорт хызметлерин жетилистириўде үлкен әҳмийетке ийе. Жойбардың мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында әмелге асырылыўы заманагөй технологиялар ҳәм халықаралық тәжирийбелерди енгизиў имканиятын береди. Бул тек ғана транспорт тараўын раўажландырмай, ал регионаллық экономикалық байланысларды беккемлеўге де үлес қосады.