"Транспорт қуралларынан пайдаланыўда халыққа қосымша қолайлықлар жаратыў илажларында"ғы Министрлер Кабинетиниң қарарында белгиленгениндей, жол инфраструктурасын раўажландырыў қорлары район ҳәм қала ҳәкимликлери жанында шөлкемлестириледи.
Олардың қаржылары тек ғана жол инфраструктурасын раўажландырыў ушын мақсетли жумсалады.
Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда Автомобиль жолларын раўажландырыў қоры бар. Бул қор 2020-жылы президент қарарына бола шөлкемлестирилген. Қордың мақсети улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларын оңлаў, реконструкциялаў ҳәм жаңаларын қурыўдан ибарат.





