Оған бола:

28, 30, 31-декабрь күнлери метро поездлары шемби күни ушын тастыйықланған кестеде;

29-декабрь ҳәм 2025-жылдың 1-2-январь күнлери поездлар екшемби күни ушын тастыйықланған кестеде ҳәрекетленеди.

Сондай-ақ, 4-январь - шемби күни ҳәмме ушын жумыс күни ҳәм бул күнде метро поездларының ҳәрекети әдеттеги жумыс күнлери ушын белгиленген кесте тийкарында шөлкемлестириледи.

Буннан алдын, 31-декабрь күни Ташкент метрополитени бәндиргилери әдеттегиден 2 саатқа көп ўақытқа жолаўшыларға хызмет көрсететуғыны ҳаққында рәсмий хабар берилген еди.